Беруний районының көше бийлери менен жақыннан пикирлесилди
Беруний районының көше бийлери менен жақыннан пикирлесилди
507
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев халқымыздың машқалаларына шешим табыў, соның менен бир қатарда, ең әҳмийетли мәселелерди анықлаў ҳәм сапластырыў ушын көше бийлери менен өз ушырасыўларын баслаған еди.
Бугин Жоқарғы Кеңес Баслығы Беруний районы көше бийлери менен ушырасты.
Ашық-айдын түрде өткерилген ушырасыўда көше бийлери менен шешимин күтип турған әҳмийетли мәселелер әтирапында пикирлесилди.
Онда көше бийлери тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилди.
Өз нәўбетинде, Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәр қандай усыныс, көтерилген мәселелер басқышпа-басқыш шешимин таўатуғынлығын айрықша тилге алды.
Ушырасыў жуўмағында узақ жыллық жемисли мийнетлери ушын бир қатар жасы үлкенлер "Ардақлы нураный" көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети