Жоқарғы Кеңес Баслығы Елликқала районының көше бийлери менен жақыннан пикирлести
500
Жоқарғы Кеңес Баслығы Елликқала районы көше бийлери менен ушырасты. Бүгинги өткерилген ушырасыўда көше бийлери менен шешимин күтип турған әҳмийетли мәселелер әтирапында пикирлесилди.
Айтып өтиў орынлы, көше бийлери менен алдынғы ушырасыўларда көтерилген мәселелер арнаўлы қарарлар ҳәм бағдарламалар шеңберинде басқышпа-басқыш шешимин таўып атыр. Яғный, көше бийлериниң ҳәр бир усынысы итибарға алынып, оларды шешиў жолында барлық мүмкиншиликлер иске салынбақта.
Жоқарғы Кеңес Баслығы менен өткерилген ушырасыўда бир қатар еле де шешимин күтип турған машқалаларды атап өтилип, бул мәселелерди шешиўде аўызбиршиликли түрде ҳәрекет етилсе, әлбетте, мақсетке ерисилетуғынлығы айрықша тилге алынды.
Ушырасыў жуўмағында узақ жыллық мийнет жолы менен көпшиликке үлги болған жасы үлкенлер «Ардақлы нураный» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети