Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласының көше бийлери менен ушырасты
682
Онда еки мыңнан аслам көше бийлери қатнаспақта. Ушырасыў 2 күн даўамында өткериледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласындағы мәҳәллелерде ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў ҳәм алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери менен ушырасты.
Атап өтиў орынлы, қабыл етилип атырған қарарлар, пәрманлар ҳәм мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бағдарында салмақлы жумыслар даўам еттирилмекте.
Бул бағдарда Жоқарғы Кеңес Баслығы барлық районлардағы кѳше бийлери менен ушырасып, халқымызды разы етиў жолында және қосымша қандай жумысларды алып барыў кереклиги бойынша пикир алыспақта.
Бүгин Нөкис қаласында болып өткен ушырасыў да ашық-айдын пикирлесиў түринде болып, көше бийлери менен қаладағы мәҳәллелерди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, пуқараларға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бағдарында ўазыйпалар белгилеп алынды.
Өз нәўбетинде көше бийлери тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилип, машқалалар атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында узақ жыллық машақатлы мийнет жолы менен бәршеге үлги болған бир қатар жасы үлкенлер «Ардақлы нураный» көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Еслетип өтемиз Жоқарғы Кеңес Баслығының Нөкис қаласы көше бийлери менен ушырасыўы 7-июль күни де даўам етеди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети