Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласы көше бийлери менен ашық-айдын пикирлести
598
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев халықтың машқалаларына шешим табыў жолында және қандай илажларды әмелге асырыў кереклигин белгилеп алыў мақсетинде Нөкис қаласындағы көше бийлери менен ушырасты.
Онда 2 000 нан аслам көше бийлери қатнасты. Бүгин ушырасыўдың екинши күни болып, еки күн даўамында олар менен жақыннан пикирлесилди.
Бүгинги күнде елимизде Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында бир қатар реформалар, әмелий жумыслар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда Қарақалпақстан ушын айрықша қарар ҳәм пәрманлар, мәмлекетлик бағдарламалар қабыл етилип, турмысқа енгизилмекте.
Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар кең түрде атап өтилди.
Сондай-ақ, мәҳәллелерди абат етиў бойынша еле де қандай илажларды әмелге асырыў зәрүрлиги бойынша көше бийлери ҳәм белсендилер менен пикир алмасылды.
Онда көше бийлери тәрепинен мәҳәллелердеги системалы машқалалар, инфраструктура, социаллық объектлер менен байланыслы бир қатар мәселелер көтерилди.
Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы бул машқалалардың шешимин табыў бойынша жеке қадағалаўына алатуғынлығы ҳәм алдағы ўақытта әлбетте, ҳәр бир машқала итибардан шетте қалмайтынын билдирди.
Ушырасыў жуўмағында узақ жыллық машақатлы мийнет жолы менен бәршеге үлги болған бир қатар жасы үлкенлер «Ардақлы нураный» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети