Нөкис қаласында «Санаат Қурылыс банк» акционерлик коммерциялық банкиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық банк хызметлери офиси жаңа имаратының ашылыў мәресими болып өтти
Нөкис қаласында «Санаат Қурылыс банк» акционерлик коммерциялық банкиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық банк хызметлери офиси жаңа имаратының ашылыў мәресими болып өтти
652
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.
Айтып өтиў орынлы, заманагөй архитектуралық талаплар ҳәм стандартлар тийкарында қурып питкерилген банк офисиниң жаңа имараты тек ғана халқымыз ушын емес, бəлким сырт елли инвесторлар ушын да ҳәр тәреплеме қолайлы шараятларға ийе.
Көпшиликтиң хабары бар, бул банк көп жыллардан берли елимиздиң санаат ҳəм қурылыс тараўларын раўажландырыўға салмақлы үлес қосыў менен бирге финанс, кредит сиясаты, мəмлекетлик бағдарламалар шеңбериндеги илажларда, социаллық, экономикалық салалардағы реформаларда белсендилик көрсетип келмекте.
Бир ғана мысал, Ҳүрметли Президентимиздиң “2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли түрде экономикалық жақтан раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы 4889-санлы Қарары тийкарында банк тəрепинен улыўма баҳасы 2,4 трлн.сумлық 185 жойбарды əмелге асырыў белгиленген болса, соннан бүгинги күнге дейин жəми 160 жойбар иске түсирилип, 2 мың 550 ден аслам жаңа жумыс орынлары жаратылды.
Ашылыў мәресиминен соң мийманлар заманагөй имарат, онда халқымыз ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети