Ҳүрметли студентлер, архитектура, инженерлик ҳәм қала қурылысы бағдарларының питкериўшилери!
1449
Сизди «Smart Rural Planning» жас архитекторлар ҳәм қала қурылысы таңлаўында қатнасыўға шақырамыз.
Бул таңлаў аймақлар, қала ҳәм аўылларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, қала қурылысы ҳүжжетлерин жетилистириўге ҳәмде инновациялық, кем углерод жумсаўшы жойбарларды әмелге асырыўға қаратылған жойбарларды ислеп шығыўға жасларды тартыў мақсетинде шөлкемлестирилип атыр.
Таңлаў 3 (үш) номинация бойынша өткериледи:
«Smart rural settlement» - бас реже (мастер-реже)/аўыл аймағының концептуал дизайны;
«Smart district» - бас реже (мастер реже)/қала/районның концептуал дизайны;
«Green building» - жәмийетлик имарат ямаса социаллық әҳмийетке ийе объектлер қурылысы (сооружение) жойбары.
Таңлаўдың мақсети:
Жаңа дизайнерлик ҳәм инженерлик идеяларды табыў, бас режелердиң жәмийет тәрепинен талқыланыўын еле де жеделлестириў ҳәм олардың жәмийетте кеңнен ен жайыўын арттырыў;
жас архитекторлардың өз потенциалын көрсетиўи ҳәм тәжирийбе арттырыўына имканиятлар жаратыў;
архитектура-қурылыс факультетлери питкериўшилериниң диплом жумыслары сапасын асырыў;
Өзбекстанда «ақыллы» қала ҳәм аўылларды раўажландырыў бойынша мәселелерге ҒХҚ итибарын кеңнен тартыў;
жаслар арасында архитектура ҳәм инженерлик бағдарларында жоқары мағлыўмат алыўды кең ен жайдырыў;
«Жасыл» қурылыс, турақлы архитектура ҳәм «ақыллы» қала қурылысы тараўын жетилистириў.
Таңлаўда қатнасыў ушын талаплар:
жеке гүўалығының болыўы;
студентлик гүўалық/ЖОО дипломы / оқыў орнынан мағлыўматнама;
Өзбекстан Республикасы көлеминде әмелге асырылатуғын жойбар.
Таңлаў жумысына қойылған талаплар:
Таңлаў жумысы әмелиятта пайдаланыўға қаратылған актуал жойбар болыўы зәрүр. Бунда жойбарды мүмкин болған ресурслар менен тәмийинлеў, әмелге асырыў ҳәм ерисилетуғын нәтийжелерди бақлаўдың анық механизмлери көрсетилиўи тийис;
Жойбар Өзбекстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған болыўы керек;
Таңлаў жумысында автордың жеке изерлеўлериниң нәтийжелери болыўы керек;
Энергия-эффектив, кем углеродлы, суў үнемлеўши қурылыс материаллары ҳәм технологияларынан пайдаланыўды нәзерде тутыўшы инновациялық ҳәм заманагөй шешимлерден пайдаланыў зәрүр;
Жойбар жаңа ҳәм социаллық әҳмийетке ийе болыўы керек;
Әмелиятта әмелге асырыў мүмкин болыўы тийис;
Жойбар авторлық ҳуқуқын есапқа алған ҳалда ислеп шығылыўы шәрт.
Таңлаў материалында бир нәрсени реклама қылыўшы мағлыўматлар, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы аймағында тарқатылыўы қадаған етилген ямаса шекленген мағлыўматлар болмаўы тийис. Бундай мағлыўматларды қамтып алған таңлаў материаллары көрип шығылмайды.
Таңлаўда архитектура, инженерлик ҳәм қала қурылысы бағдарында билим алыўшы студентлер/питкериўшилер, сондай-ақ, жасы 35 тен аспаған Өзбекстан Республикасы аймағында жасаўшы, жойбарлары 2018-жыл 1-январьдан 2023-жыл 30-июль аралығында ислеп шығылған бийғарез қәнигелер қатнасыўы мүмкин.
Арзалар 2023-жыл 30-июль саат 18:00 ге шекем (Ташкент ўақты менен) https://forms.gle/s5ZdNzhiwZHtiTx26 силтеме арқалы қабыл етиледи.
БУЛ ӘҲМИЙЕТЛИ: Google-формаға сизиң жумысларыңызды жүклеў ушын Google-аккаунтқа ийе болыў зәрүр (gmail.com да электрон почта).
Қосымша мағлыўматлар ушын телеграм арқалы https://t.me/SmartRuralContest жазың.
Бул таңлаў Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте БМШРБ тарепинен амелге асырылып атырған ҳәмде Ислам раўажландырыў банки (ИРБ) ҳәм Халқаралық раўажландырыў ОПЕК фондының финанслық қоллап-қуўатлаўында әмелге асырылып атырған «Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» қоспа жойбарының «Инжиниринг хызметлери ҳәм инфраструктураны басқарыў потенциалын арттырыў» Б Компоненти шеңберинде өткерилип атыр.