Дүньядағы еӊ ири хабар сайтларыныӊ биринде Қарақалпақстанныӊ туристлик потенциалы ҳаққында мақала жәрияланды
1214
Усы жылдыӊ 31 май - 5 июнь күнлери Өзбекстан Республикасы Мәденият ҳәм туризм министрлигиниӊ басламасы менен Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги тәрепинен бир қатар сырт елли ҒХҚ ўәкиллери ушын Қарақалпақстан Республикасыныӊ дыққатқа ылайықлы орынлары бойлап кеӊ көлемли пресс-тур шөлкемлестирилди. Пресс-турда Уллы Британия, Испания, Финляндия, Индия ҳәм Индонезия мәмлекетлериниӊ “The Caspian Post”, “Lonely Planet”, “Metro TV”, “The Travel Magazine”, “Indian Express”, “Alonesia” киби блог, телеканал ҳәм басылымларыныӊ фотокорреспондент, хабаршы ҳәмде телебаслаўшылары қатнасты.
Пресс-тур нәтийжесинде елимиздиӊ тарийхы, мәденияты, үрип-әдетлери, флора ҳәм фаунасы, дыққатқа ылайықлы орынлары ҳәмде туристлик инфраструктурасы ҳаққында бир қатар мәмлекетлердиӊ ҒХҚда материаллар жәрияланып барылды. Мине усылар қатарында, 23-июль күни Индияныӊ “The Indian Express” газетасында Қарақалпақстанныӊ тийкарғы туристлик маршрутларыныӊ бири болған Мойнақ районы ҳәм Арал теӊизи ҳаққында мақала жәрияланды.
Мақалада аймақтын қысқаша тарийхы, өтмиштеги Арал теӊизиниӊ апатшылығы ҳәмде бүгинги күнде Мойнақ районы еӊ белгили туристлик орынға айланғаны, соӊғы жылларда бул жерде хостел ҳәм мийманханалар саныныӊ көбеийп барыўы, ал, тәбият апатшылығы менен байланыслы болған жаӊа туризм жөнелисиниӊ раўажланыўы болса жергиликли турғынлар ушын жаӊа үмит бағышлағаны айтып өтилген.
Соныӊ менен бирге, автор Арал теӊизи тарийхы музейи, Кемелер қойымшылығы, Арал теӊизиниӊ бүгинги күнде сақланып қалған акваториясыныӊ бойындағы “Bes Qala” қара үйлер комплекси ҳәм ол жердеги шараятлар, интернет тармағы ҳәм мобил байланысы болмаған цивилизациядан жүдә узақта болған экстремал туристлик орынлар ҳаққында атап өткен.
Мағлыўмат сыпатында, Indian Express газетасы инглис тилинде басып шығарылатуғын болып, 1931-жылдан бери өз жумысын алып бармақта. 300 мыӊнан аслам тиражға йие болған бул газета Индияда абыройлы газеталардыӊ бири болып есапланады. Ал газетаныӊ електрон варианты - indianexpress.com веб-сайтын ҳәр айда 60 млн адам көреди ҳәм бул сайт дүньядағы еӊ ири хабар сайтларыныӊ бири болып табылады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети