Усы жылдыӊ 1-август күни халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң гезексиз жетпис бесинши сессиясы болып өтти.
Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.
Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Сессияда Кегейли районы ҳәкими лаўазымына Камалов Айбек Кудабаевичты тайынлаў мәселеси көрип шығылды.
Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.
Сессияда Камалов Айбек Кудабаевич Кегейли районы ҳәкими лаўазымына тастыйықланды.
Өз гезегинде А.Камалов өзине билдирилген исенимди ақлаўға, билим ҳәм тәжирийбесин Кегейли районын ҳәр тәреплеме раўажландырыўға, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаўға, халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыўға, исбилерменликти раўажландырыў арқалы қосымша жумыс орынларын жаратыўға жумсайтуғынлығын билдирди.
Усыныӊ менен халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң гезексиз жетпис бесинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Мағлыўмат ушын, Камалов Айбек Кудабаевич усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасында, Өзбекстан Республикасы салық комитетинде соның менен бирге Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппаратының Қарақалпақстан Республикасы бойынша сектор баслығы лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барған.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети