Жоқарғы Кеңес Баслығы социаллық тараў объектлерине хызмет көрсетиўши тәмийнатшы кәрханалар ўәкиллери менен ушырасты
Жоқарғы Кеңес Баслығы социаллық тараў объектлерине хызмет көрсетиўши тәмийнатшы кәрханалар ўәкиллери менен ушырасты
866
Онда социаллық тараўларда аўқатланыўды шөлкемлестириў, билимлендириў, емлеў мәкемелериндеги аўқатланыўды аутсорсинг усылына өткериў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар, шешимин күтип турған машқалалар, сондай-ақ, жол қойылып атырған қəте-кемшиликлер талқыланды ҳәм тәмийнатшы кәрханалардың пикир-усыныслары тыңланды.
Айырым мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде сапалы азық-аўқат пенен тәмийинлеў дурыс жолға қойылмай атыр. Буннан тысқары, азық-аўқат өнимлериниң белгиленген норма тийкарында берилиўин қадағалаў жумыслары да нәтийжели алып барылмай атыр.
Тилекке қарсы, өткен оқыў жылы даўамында мектеплерде саламат аўқатландырыў системасын енгизиўде бир қатар қəте-кемшиликлерге жол қойылды. Буннан тысқары, жеткерип берилген өнимлер қурамын, сапасын турақлы түрде қадағалап қабыллап алыўға жуўапкер комиссия тəрепинен алып барылған жумысларда талап дәржесинде орынланбады.
Денсаўлықты сақлаў тараўындағы 38 емлеў-профилактика мекемелериниң асхана хызмети аутсорсинг менен шуғылланыўшы тәмийнатшыларға берилген. Медицина тараўында да наўқасларды азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўде бир қатар кемшиликлер ҳəм машқалалар ушыраспақта. Соның менен бирге, бир қатар емлеў мәкемелеринде сапалы азық-аўқат пенен тәмийинлеў жумыслары нәтийжели алып барылмай атыр.
Ушырасыўда усы сыяқлы қатар мәселелер сын көз-қараста қарап шығылды. Сондай-ақ, жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша тәмийнатшы кәрханалар ҳәм жуўапкерлердиң пикир-усыныслары тыңланды.
Өз нәўбетинде, олар тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилип, Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды.
Ушырасыў жуўмағында алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети