ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСТЕ СЕНАТОРЛАР ҲӘМ ДЕПУТАТЛАР ЖАҢА НЫЗАМЛАРДЫ ДОДАЛАДЫ
2112
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының усы жылдың 28-февраль күни өткерилетуғын екинши жалпы мәжилисинде көрип шығылыўы белгиленген нызамлардың додаланыўына бағышланған жыйналыс болып өтти.
Жыйналыста Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитети ўәкиллери, Сенат ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәмде Халық депутатлары қала ҳәм районлық Кеңеслери депутатлары қатнасты.
Жыйналысты Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Хамраев ашты ҳәм басқарып барды.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитети баслығы Б.Тажиев Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен Парламентке жоллаған Мүрәжатында сенаторларды жергиликли Кеңеслерге бириктириў ҳәм нызам жойбарларын олар менен биргеликте додалаў арқалы Кеңеслер жумысын және де раўажландырыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилип атырған ушырасыўлар өз нәтийжесин берип атырғанын атап өтти.
Әсиресе, усы жылдың 21-февраль күни Мойнақ районында «Теңиз шегинсе де инсанлар шегинбейди» сүрени астында «Парламенттиң Аралға көз-қарасы» экологиялық акциясының өткерилиўи, онда Парламент ағзаларыңың теңиздиң ҳәзирги аўҳалы ҳәм ол жерде Ҳүрметли Президентимиз басламасы менен әмелге асырылып атырған үлкен реформаларға жеке гүўа болғаны, Арал теңизиниң қурыған ултанында «жасыл тоғайзарлық» жаратыў жумысларында пидайылық пенен мийнет етип атырған халық ўәкиллери менен ушырасқаны буның айқын дәлили болып есапланады.
Жыйналыста «Халықты дизимге алыў ҳаққында»ғы, «Аўыл хожалығы өнимлерин зыянкеслерден, кеселликлерден ҳәм жабайы шөплерден қорғаў ҳаққында»ғы, «Метрология ҳаққында»ғы, «Баспа жумысы ҳақкында»ғы, «Пуқаралардың жәмийетлик тәртипти сақлаўда қатнасыўы ҳаққында»ғы, «Халықаралық коммерциялық арбитраж ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамлары додаланды.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзалары Г.Аннакличева, Ш.Уснатдинов, О.Атаниязова, Нызамшылық палатасы депутаты И.Хушвақтов, Жоқарғы Кеңес депутаты К.Каримов додаланған нызамлар бойынша өз пикир ҳәм усынысларын билдирди.






Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баспасөз хызмети