Спорт тараўындағы ўазыйпалар бойынша мәлимлеме берилди
772
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа спорт тараўындағы ири илажлар ҳәм режелер ҳаққында мәлимлеме берилди.
Елимизде спорт бираз раўажланып бармақта. Футбол, волейбол, бокс, гүрес, шахмат, теннис, аўыр ҳәм жеңил атлетикалардың көплеген түрлери ғалаба ен жайған. Мәмлекетимиз басшысының идеясы менен шөлкемлестирилген «Бес баслама олимпиадасы» жас әўлад арасында денетәрбия мәдениятын буннан былай да кеңнен ен жайдырыўға хызмет етпекте.
Презентацияда ғалабалық спорт, этноспорт ҳәм гимнастиканы раўажландырыў бойынша усыныслар көрип шығылды.
Атап айтқанда, «Бес баслама олимпиадасы»ндағы спорт түрлериниң санын 9 дан 12 ге шекем көбейтиў ҳәм биринши рет майыплығы болған шахслар арасында да 5 бағдарда өткериў усыныс етилмекте. Ҳәр жылы Наўрыз байрамы алдынан Сурхандәрьяда өткерилип киятырған халықаралық шабандозлар жарысын елимиздиң басқа да аймақларында шөлкемлестириў мөлшерленбекте. Жеке гүреслер бойынша потенциалды дурыс бағдарлаў мақсетинде барлық спорт мектеплеринде қол урысы дөгереклерин ашыў белгиленбекте.
Бизге белгили, 2022-жыл 25-майда Президенттиң «Этноспорт түрлерин ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген. Онда, соның ишинде, Хийўа қаласында ҳәр еки жылда бир рет Халықаралық этноспорт фестивалының өткерилиўи белгиленген.
Дәслепки фестивальды усы жылы 7-10-сентябрь күнлери Ичан қалада өткериў режелестирилмекте. Оның шеңберинде халық ойынлары ҳәм спорт жарыслары, өнерментшилик көргизбелери, қаўын сейили, палаў писириў чемпионаты, сахналастырылған бағдарламалар болып өтеди.
Мәмлекетимиз басшысы фестивальға жоқары дәрежеде таярлық көриў, қатнасыўшылар ҳәм туристлерге барлық қолайлықларды жаратыў, Хийўа қаласында «Халықаралық этнофестиваль парки»н шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берди.
Президентимиздиң 2022-жыл 23-декабрьдеги қарарына муўапық, гимнастика спорт түрлерин раўажландырыў бағдарында да көп жумыслар исленбекте. Атап айтқанда, Нөкис, Самарқанд ҳәм Ферғана қалаларында Гимнастика спорт түрлерине таярлаў орайлары дүзилмекте. Олар қәнигелестирилген спорт-билимлендириў мәкемеси есапланады, питкериўшилерге тренер ҳәм селекционер қәнигелиги бойынша диплом бериледи. Ҳәзирги ўақытта орайлар ушын имаратлар қурыў, реконструкциялаў ҳәм үскенелеўге байланыслы жойбарлар исленбекте. Бул спорт мәкемелери 2024-2025-жылдан жумыс баслайды.
Мәмлекетимиз басшысы бул орайларда спортшыларды таярлаўға байланыслы ең алдынғы усылларды енгизиў, диетологияны раўажландырыў, оқыўшылардың қатнаўына қолайлық жаратыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети