Тахтакөпир районын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар сын көз-қараста талқыланды
Тахтакөпир районын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар сын көз-қараста талқыланды
1019
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тахтакөпир районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәмде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарында әмелге асырылыўы тийис жумыслар, белгиленген мәселелер ҳәм орынланған ўазыйпаларға арналған мәжилис өткерди.
Онда район белсендилери, жуўапкер мәкемелер ҳәм тийисли уйымлар қатнасты.
Айтып өтиў керек, районды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша бир қатар ўазыйпалар, алдыңғы өткерилген мәжилис протоколы менен әмелге асырылыўы тийис жумыслар белгилеп берилген еди. Деген менен, берилген тапсырмалар ҳәм ўазыйпалардыӊ орынланыўы бойынша районда бир қатар кемшиликлерге жол қойылған.
Атап айтқанда ҳаял-қызларды, сондай-ак, жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлигин жолға қойыўына ҳәм кредит қаржыларын алыўына көмеклесиў жумыслары талап дәрежесинде алып барылмай атыр.
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл 10-апрельдеги ПҚ-118-санлы қарары тийкарында социаллық объектлердиӊ ысытыў қазанханаларын көмирге сәйкеслестириў бойынша райондағы 54 социаллық мәкемелердиӊ проект смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм экспертизадан өткериў белгиленген, бирақ, бүгинге шекем бул илажлар басланбаған.
Ҳәкимлик тәрепинен 2023-жылда туризм тараўын раўажландырыў бойынша бирде-бир Шаӊарақлық исбилерменлик субъектлери ҳәм аймақлық инвестициялық жойбарлары реже етип белгилеп алынбаған. Бар болған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў да талап дәрежесинде орынланбаған.
Жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша 2023-жылы районда бағдарлама тийкарында 5360 жумыс орынларын шөлкемлеситириў белгиленген. Соннан, усы жылдың биринши ярым жыллығында реже орынланғаны бойынша есабат берилген. Бирақ, усынылған есабатлар асырып көрсетилгенлиги анықланған.
Өзбекстан Республикасы Мийнет Кодекси, “Халық бәнтлиги ҳаққында”ғы Нызам талапларының орынланыўында да бир қатар нызам бузыўшылық жағдайлары анықланған.
Коммуналлық хызметлер, санитариялық-эпидемиологиялық жағдай, мәмлекетлик сатып алыўлар, жер участкаларынан пайдаланыўда мәмлекетлик қадағалаўдыӊ нәтийжелилигин арттырыў бойынша да бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойылған.
Қурылыс тараўы бойынша тексериў жумыслары алып барылғанда нызамбузыўшылык жағдайлары, ҳүжжетлерди рәсмийлестириўде кемшиликлерге жол қойылғаны, жаңа көп қабатлы турақ жайларды қурыў дурыс шөлкемлестирилмегени, айырым басшылардың өз жумысына немқурайдылық пенен қарағаны сыяқлы кемшиликлер анықланған. Районда көклемзарластырыў жумыслары да нәтийжели жолға қойылмаған.
Киши бизнес субъектлерин ашыў бойынша январь-июль айларына белгиленген режеге салыстырғанда 28-июль жағдайына Тахтакөпирде 52 субъект ашылмаған.
Соныӊ менен бирге, есабатларда усы жыл даўамында 112 киши бизнес субъектинде 210 жаӊа жумыс орны жаратылғаны көрсетилген болса, салық базасында -136 жумыс орынлары жаратылмағаны, 18 киши бизнес субъекти иске тусирилмегенлиги анықланған.
Районда бар болған аўыл хожалығы өнимлери ресурсы ҳәм тутыныўдан келип шығып, халықтың тийкарғы азық-аўқат өнимлерине болған талабы толық тәмийинленбеген. Аўыл хожалығы тараўы бойынша да еле бир қатар машқалалар өз шешимин таппай атыр.
Мүрәжатларды унамлы шешиў илажлары да талап дәрежесинде орынланбаған. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде “Шаңарақлық исбилерменлик” бағдарламасы тийкарында районда ажыратылған кредитлердиң тек ғана 52,4 проценти өзлестирилген.
Быйылғы жылы Инвестицияларды киргизиў бойынша жәми 40,7 млн. долларлық 57 проект қәлиплестирилген. Бирақ, усы күнге шекем тек ғана 570 мың доллар өзлестирилген. Районда 2023-жыл январь-июнь айлары ушын белгиленген 838 мың доллар режениң -540 мың доллар экспорты әмелге асырылмаған. Экспортёр кәрханалар район сектор баслықларына ҳәм ҳәким орынбасарларына бириктирилген болса да, бир қатар кәрханаларда өнимлерди экспорт етиў режеси толық орынланбаған.
Мәжилис даўамында киши санаат зонасы, Жаслар санаат зонасы бойынша жумыслар да нәтийжели жолға қойылмағаны себепли еле шөлкемлестириў жумыслары талап дәрежесинде орынланбай атырғанлығы сынға алынды.
Мәжилисте өз жумысларын атқарыўда бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойғанлығы ҳәм ўазыйпасына немқурайдылық пенен қарағанлығы ушын район ҳәкиминиң орынбасары — Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы, Мәҳәллебай ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы баслығы, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлими баслығы, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими баслығы, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими баслығы ҳәм мәденият бөлими баслығына интизамый жаза шарасы қолланылды.
Өткерилген мәжилис жуўмағында бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети