Қараөзек районын раўажландырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерди
Қараөзек районын раўажландырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерди
2195
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қараөзек районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәмде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы жумыслар, белгиленген мәселелер ҳәм орынланған ўазыйпаларға арналған мәжилис өткерди.
Мәжилисте бүгинги күнге шекемги әмелге асырылған жумыслар сын көз-қараста қарап шығылды.
Онда ҳаял-қызлар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў, мәҳәллелердиң материаллық-техникалық базасының беккемлениўи, социаллық объектлердиӊ қазанханаларын көмирге масластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, туризмди раўажландырыў бойынша орынланыўы тийис тапсырмалар, қайта тиклениўши энергия дереклерин орнатыў бойынша белгиленген режелер бойынша мәселелер қарап шығылып, кемшиликлер атап өтилди.
Жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында быйылғы жылда Бағдарлама тийкарында 6020 жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў белгиленген. Соннан, усы жылдың биринши ярым жыллығында районда жәми 3083 пуқараның бәнтлиги тәмийинленип, реже орынланғаны бойынша есабат берилген. Бирақ, усынылған есабатлар орынларда үйренилгенде айырым жөнелислерде есабатлар асырып көрсетилгенлиги ҳәм кемшиликлер бар екенлиги анықланған.
Коммуналлық хызметлер бағдарында бүгинги күнде пайдаланылған ишимлик суўынан ҳәм электр энергиясынан жүзеге келген қарыздарлықты өндириў илажлары көрилмеген.
Район аймағындағы “Қойбақ”, “Есимөзек”, “Қуралпа”, “Бердақ” ҳәм “Академик Сабыр Камалов” АПЖның таза ишимлик суўы менен тәмийинлениўи ашынарлы жағдайда.
Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 21-февралдағы ПҚ-138-санлы қарары тийкарында райондағы пуқаралар жыйынларындағы бирде-бир мәҳәлле баслықлары тәрепинен өз аймағында қурылысы басланған ҳәр қандай жай ямаса имаратлардың нызамлылығын анықлаў бойынша ўәкилликли шөлкемлерге сораўлар жиберилмеген.
2022-жылда районда “Абат аўыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” бағдарламалары тийкарында жәми 23 объекттиң 2 объектинде қурылыс-оңлаў жумыслары жуўмақланбаған.
Киши бизнес субъектлерин ашыў бойынша Январь-июнь айларына белгиленген режеге салыстырғанда 1-август жағдайына Қараөзек районында -16 субъект ашылмаған.
Соныӊ менен бирге, есабатларда усы жылдыӊ 1-ярым жылы даўамында 120 киши бизнес субъектинде 207 жаӊа жумыс орны жаратылғаны көрсетилген болса, салық мағлыўматлар базасында 154 жумыс орынлары жаратылмағаны, 33 киши бизнес субъектти иске түсирилмегенлиги анықланған.
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында Шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы тийкарында районда ажыратылған кредитлердиң теқ ғана 65,7 проценти өзлестирилген.
Мәжилисте сондай-ақ, режедеги 30 инвестициялық жойбарда 438 жаӊа жумыс орны жаратылыўы режелестирилген болса да, тек ғана 3 жойбар әмелге асырылып, 5 жаңа жумыс орынлары жаратылған. Районның экспорт потенциалынан пайдаланыў, киши санаат зонасындағы жумысларды шөлкемлестириў де талап дәрежесинде орынланбай атырғанлығы сынға алынды.
Өткерилген мәжилис даўамында өз жумысын орынлаўда қате-кемшиликлерге жол қойғаны ушын районлық Қазнашылық бөлими баслығы ийелеп турған лаўазымынан азат етилди. Район ҳәкиминиӊ биринши орынбасары ис ҳақысының 30 проценти муғдарында жәриймаға тартылды.
Район ҳәкиминиӊ аўыл хожалығы мәселелери бойынша орынбасары, Ишки ислер бөлими баслығы, районлық Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими баслығы, Экономика хәм қаржы бөлими баслығы, 4 ҳәким жәрдемшиси, соннан, “А.Досназаров” АПЖ, “Қараөзек” АПЖ, “Есимөзек” ҳәм “Бердақ” пуқаралар жыйынлары ҳәким жардемшилери, 9 ҳаял-қызлар белсендиси, соннан, “С.Камалов” АПЖ, “Қараөзек” АПЖ, “Қутлы макан” МПЖ, “А.Досназаров” АПЖ, “Есим” МПЖ, “Ғарезсизлик гүзары”, “Қуралпа”, “Есимөзек” ҳәм “Ата макан” пуқаралар жыйынлары ҳаял-қызлар белсендилери, 5 жаслар жетекшиси, соннан “Қуралпа” АПЖ, “Қутлы макан” МПЖ, “Есим”, “Мәденият” ҳәм “А.Досназаров” пуқаралар жыйынлары жаслар жетекшилерине интизамый жаза шарасы қолланылды.
Мәжилис жуўмағында алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети