«Қараөзек» аўыл пуқаралар жыйыны абат мәнзиллердиң бирине айланбақта
«Қараөзек» аўыл пуқаралар жыйыны абат мәнзиллердиң бирине айланбақта
1692
Қараөзек районында бүгин «Қараөзек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағын кең көлемли абаданластырыў, аймақта қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў, мәҳәлледеги барлық көшелерди тәртипке келтириў ҳәм үлгили аўыл өлшеми тийкарында көлемли дөретиўшилик жумысларын алып барыў бойынша ушырасыў өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ҳәр бир басшы өзлериниң тараўы бойынша аймақты абаданластырыў жумысларына үлес қосыўы керек екенлиги, ең баслысы, усындай аўыр шараяттағы, шетки аўыллар пуқараларының турмысын абат етиўдей ийгиликли жумыслар еле де кең көлемли түрде даўам еттирилетуғынлығын атап өтти.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Республика прокуроры Э.Таджиев, Ишки ислер министри Б.Торебеков ҳәм басқа да бир қатар жуўапкерлер қатнасты.
Атап өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен халқымызға мүнәсип шараят жаратыў, олардың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында Тахтакөпир районының алыс Белтаў аўылы, Төрткүл районының Қумбасқан аўылы сыяқлы ең шетки, алыс аймақлардан баслап, Нөкис қаласының «Жаңа базар», «Шымбай гүзары», «Алтын жағыс» сыяқлы мәҳәллелеринде де кең көлемли дөретиўшилик жумыслары алып барылды. Усы жумыслардың даўамы сыпатында бүгин Қараөзек районындағы «Қараөзек» АПЖ аймағында жумыслар баслап жиберилген.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети