Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Қараөзек районы «Қараөзек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланып атырған Ақулов Қуўандықтың шаңарағында болды.
Республиканың бир қатар жуўапкерлери ҳәм тараў басшылары, сондай-ақ, депутатлар да шаңарақта әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.
Қуўандық Ақулов суў тамтарыслығы дәўиринде бир неше жылдан берли үй алдындағы 20 сотих қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланып, шаңарағы дәраматына үлес қосып келмекте. Жер майданында мийўе-палыз, баў-бақша өнимлерин егип, бағ дөреткен ҳәм өним алып келмекте. Артқаны аўыл турғынларына ҳәм базарға алып шығылып, дәраматына дәрамат қосылып атыр. Қуўандық Ақулов суў тамтарыс ўақытлары артезиан қудық арқалы атызларын суўғарып келген. Буннан тысқары, суў турақлы жеткерип берилиўин тәмийинлеў мақсетинде артезиан қудық қазып берилмекте.
Быйылғы жылда республикамызда суўдың әдил бөлистирилип, қадағалаўға алыныўы менен ең шетки, алыс аймақларға шекем ағын суў жетип барды. Нәтийжеде, «Қараөзек» аўыл пуқаралар жыйыны да суў менен тәмийинленди.
ғын суўдың келиўи Қуўандыққа ғайрат бағышлады десек алжаспаған боламыз. Мәмлекетимизде қыйтақ жерден утымлы пайдаланыўды шөлкемлестириў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта. Сол қатары быйыл Қуўандыққа және қосымша 15 сотих егислик жер ашып берилип, суў сақлағыш та қазып берилди. Бүгинлигинде усы атызлардың барлығында өним тегис писип жетилисип атыр. Қосымшасына қыйтақ жериниң бир мүйешинде қояншылық та шөлкемлестирилген. Қулласы, «Жерди бақсаң, жер сени бағады» деген нақылда айтылғанындай, қыйтақ жер ийеси ҳәр бир қарыс жерден нәтийжели пайдаланып атыр.
Соның менен бирге қахарманымыз қыстада қарап отырмай ыссыханасында нәл жетистириў мененде шуғылланады. Ыссыханада жетистирген нәллерин ерте бәҳәрде базарға алып шығады, оннан қалаберди қыйтақ жерине де өзи жетистирген нәллерден егеди.
Жер менен тиллескен Қуўандық қыйтақ жерине екинши егинди егип оннанда өним алып баслағанын мақтаныш етеди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Қ.Ақуловтың бағында болып, жерден өнимли пайдаланыўда оның тәжирийбесинен ҳәр қандай шаңарақ үлги алыўы кереклигин атап өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети