Қараөзек районында ғәлле егиў бойынша көргизбели семинар өткерилди
Қараөзек районында ғәлле егиў бойынша көргизбели семинар өткерилди
864
Ҳәзирги ўақытта республикамыздың барлық орынларында келеси жылдың өними ушын ғәлле егиси жумыслары баслап жиберилген.
Бүгин Қараөзек районы «Бердақ» аўыл пуқаралар жыйынындағы «Амирбай ата» фермер хожалығы егислик майданында ғәлле егиў бойынша көргизбели семинар болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, быйылғы ғәллени сапалы ҳәм өз ўақтында егиў, мәўсимди шөлкемлескенлик пенен өткериў, соның менен бирге, егис мапазындағы барлық зәрүрли агротехникалық ис-илажларды әмелге асырыў кереклигин атап өтти.
Семинарда Өзбекстан Республикасы аўыл ҳәм суў хожалығы министрликлеринен тийисли жуўапкерлер қатнасты.
Жерди егиўге таярлаў, аймақтың топырақ-климат шараятынан келип шығып сорт таңлаў, сапалы туқымлық егиў мүддети ҳәм нормаларына әмел етиў, егилген дақылдың тегис өнип шығыўына шараят жаратыў ғәлледен күтилгениндей жоқары ҳәм сапалы өним алыўдың тийкарғы факторларынан есапланады.
Өткерилген семинарда бүгингидей суў тамтарыслығы бақланып атырған дәўирде суўдан нәтийжели пайдаланыў, аўыл хожалығы майданларына талап дәрежесинде ислеў бериў, егин егилетуғын майданларды таярлаў ҳәм бийдай туқымларын кешиктирмей егиў керек екенлиги тараў ўәкиллери тәрепинен айрықша тилге алынды.
Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында жақсы нийетлер менен келеси жылдың өними ушын туқым себилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети