Шымбай районында ғәлле егиў бойынша көргизбели семинар болып өтти
Шымбай районында ғәлле егиў бойынша көргизбели семинар болып өтти
919
Шымбай районындағы «Базарбай Сапаров» фермер хожалығында кейинги жылдың өними ушын ғәлле егиў бойынша семинар өткерилди.
Онда Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, кейинги жылдың зүрәәти ушын ғәллени сапалы ҳәм өз ўақтында егиў, зәрүр болған агротехникалық илажларды әмелге асырыў әҳмийетли екенлигин, соның менен бирге бул жумысларды орынлаўда ҳәр бир фермер ҳәм тараў ўәкиллери айрықша жуўапкершилик пенен қараў кереклигин атап өтти.
Семинарда сондай-ақ, мәўсимди жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен өткериў, бунда илимий жақтан тийкарланған усыллардан пайдаланыў, жердиң өнимдарлығы ҳәм басқа да қәсийетинен келип шығып, климатымызға сәйкес туқым таңлаў ҳәм нәллердиң тегис көгерип шығыўына ерисиў, барлық зәрүрли агротехник илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы алып барыў, суў тамтарыслығы дәўиринде суўдан нәтийжели пайдаланыў, ғәлле майданларында жамғырлатып суўғарыў технологияларын кеңнен енгизиў мәселелери сөз етилди.
Айтып өтиў керек, 2024-жыл зүрәәти ушын Шымбай районының ғәллекешлери өзлериниң салмақлы үлесин қосыўды мақсет еткен болып, 172 фермер хожалықларының 4250 гектар егислик майданларына бийдай егиў режелестирилген.
Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы район ғәллекешлери ҳәм нураныйлар менен бирге жақсы нийетлер менен келеси жылдың зүрәәти ушын туқым септи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети