Жоқарғы Кеңес Баслығы бир қатар қурылысшылар ҳәм исбилерменлер менен ушырасты
Жоқарғы Кеңес Баслығы бир қатар қурылысшылар ҳәм исбилерменлер менен ушырасты
1238
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бир қатар бағдарларда кесип алып ислеўшилер, тәмийнатшы кәрханалар ҳәм исбилерменлер менен ушырасты.
Онда дәслеп, ҳүрметли Президентимиздиң 2023-жыл 10-апрельдеги қарарына тийкар социаллық тараў объектлериниң ысытыў системаларын мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында модернизациялаў ҳәм көмирге өткериў мәселелери қарап шығылды. Бул бағдарда айырым кемшиликлер сынға алынды.
Белгиленген ўазыйпаларды нәтийжели алып барыў бойынша бүгинги күнде көмир қорлары жаратылып, тийисли орынларда резервлер жайластырылған. Бүгинги күнде социаллық тараў объектлерине жергиликли көмирди жеткерип бериў бойынша шәртнамалар дүзилип, жеткерип берилген. Буннан басқа, жеке шерикликлер ушын талап етилетуғын көмирлерди алып келиў режелестирилген.
Ушырасыў даўамында көп квартиралы үйлерде ҳәм әтирапларында алып барылыўы керек қурылыс жумыслары ҳаққында атап өтилди. Айтып өтиўимиз керек, Президенимиздиң 2021-жыл 19-июньдағы ПҚ-5152-санлы қарары тийкарында быйылғы жылда жәми 57 объектте қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў ушын жәми 45,7 млрд. сумлық қаржы ажырытылған.
Бул ажыратылған қаржылар есабынан 44 объектте 421 көп квартиралы турақ-жайларды капитал ҳәм жеңил оңлаў, 13 объектте 114 көп квартиралы турақ-жайлардың аймақларын абаданластырыў жумысларын алып барыў белгиленген.
Жоқарғы Кеңес Баслығы қурылыс кәрханаларына көше бийлери ҳәм мәҳәлле белсендилериниң тиккелей басламасы тийкарында ажыратылған қаржыны нәтийжели ҳәм өз орнында жумсаў, олардың турақлы қадағалаўында алып барылатуғын жумыслар, әлбетте, халқымыз күткендей әмелге асырылыўы керек екенлигин айрықша атап өтти.
Ушырасыў даўамында бир қатар қурылысшылар ҳәм кәрхана басшылары өзлериниң пикир-усынысларын билдирди ҳәм ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети