Жоқарғы Кеңес Баслығы «Кердер» аўылында әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты
Жоқарғы Кеңес Баслығы «Кердер» аўылында әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты
986
Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында пуқараларымыздың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў, әмелге асырылып атырған реформалардың ҳәр бир шаңараққа кирип барыўын тәмийинлеў, мәҳәллелерди ҳәр тәреплеме абат етиў ҳәм ең шетки аймақларды да пайызлы мәҳәллелерге айландырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев алып барылып атырған кең көлемли абаданластырыў жумыслары, пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы әмелий илажлар менен жақыннан танысыў мақсетинде Нөкис районының шетки аймақларының бири болған «Кердер» аўыл пуқаралар жыйынына барды.
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы аўыл пуқаралар жыйыны аймағында шөлкемлестирилген «Арзанластырылған аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери ярмаркасы»н барып көрди.
Айтып өтиў орынлы, ярмаркада аўыл халқы ушын биринши дәрежели керекли азық-аўқат өнимлери алып келинген болып, арзанластырылған баҳада сатылмақта.
Буннан соң, «Ата мийрас» көшесинде жайласқан «Балалар майданшасы»ның қурылыс жумыслары көзден өткерилди. Алдын бул мәҳәлле аймағында балалар ушын бирде-бир ойын майданшасы қурылмаған. Сонлықтан, аўыл балалары ушын ойын майданшасы машқалалардың бири болып келген еди. Бүгинги күнде бул мәселе де өз шешимин таппақта.
Жоқарғы Кеңес Баслығы аймақта алып барылып атырған барлық қурылыс жумысларының өз ўақтында, сапалы алып барылыўы турақлы түрде қадағалаўда болатуғынын атап өтти.
Айтып өтиў керек, мәҳәлледе 2 км жолға асфальт, 2,1 км ЩПС төсеў, 358 электр бағанасын ҳәм 1 трансформатор пунктин оңлаў, аймақтағы базарды оңлаў, 1 мини футбол майданшасы, балалар майданшасын, мәденият сарайы имаратын қурыў, 20 км ишимлик суў тармағын жаңадан тартыў сыяқлы қатар жумыслар даўам етпекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети