Жоқарғы Кеңес Баслығы «Кердер» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Наўбетова Венераның ҳалынан хабар алды
Жоқарғы Кеңес Баслығы «Кердер» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Наўбетова Венераның ҳалынан хабар алды
980
Мәмлекетимизде ҳәр бир мүтәж инсан барқулла үлкен итибар ҳәм ғамхорлықта есапланады. Бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей тапсырмасы менен «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында жәрдемге мүтәж пуқараларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың турмыслық машқалаларына шешим табыў, абадан турмысын тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис районы «Кердер» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы денсаўлығына байланыслы II топар майыбы Нәўбетова Венераның шаңарағында болып, оның ҳалынан хабар алды. Шаңарақ ағзалар менен бирге, бир дастурхан әтирапында пикирлесип, ҳәр бир жәрдемге мүтәж пуқара меҳир ҳәм итибардан шетте қалмайтуғынлығын айтып өтти. Буннан соң, шаңараққа ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети