Тахтакөпирли 123 жаслы нураный анамыз Президентимиз тәрепинен «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды
Тахтакөпирли 123 жаслы нураный анамыз Президентимиз тәрепинен «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды
1558
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бүгин Тахтакөпир районындағы 100 жастан асқан ардақлы нураный Бибихан Акимниязованың шаңарағында болды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Бибихан ана менен жақыннан сәўбетлесип, ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен «Шуҳрат» медалын өз ийесине тапсырды.
Бибихан Акимниязова 1900-жылда Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районында туўылған.
Ол өзиниң мийнет жолын 16 жасында Шымбай районындағы «Бабажан» нанбайханасында нанбайшы болып ислеўден баслаған.
1968-жылдан берли Тахтакөпир районының Өзбекстан мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасап келмекте.
Бибихан Акимниязова аўыл хожалығы ҳәм шарўашылық жөнелислерин раўажландырыўға 66 жыл өмирин бағышлаған пидайы инсан. Ел азаматларының барлығы фронтқа атланған екинши жәҳән урысы дәўиринде, урыстан кейинги халық хожалығының барлық тараўларын қайта тиклеў сыяқлы машақатлы жылларда да өзиниң пидайылығы менен жемисли мийнет еткен.
Ол аўыл хожалығы тараўында мол тәжирийбеге ҳәм ҳүрметке ийе болып, ҳәр жылғы пахта жыйым-терим мапазына белсене қатнасып, Қарақалпақстан көлеминде ең алдынғы пахта теримшиси сыпатында елге белгили болды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети