Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы кең түрде белгиленди
Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы кең түрде белгиленди
2183
Пайтахтымыз Нөкис қаласындағы орайлық Амфитеатрда елимиз ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығына бағышланған «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын» сүрени астында байрам салтанаты болып өтти.
Салтанатлы илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, гүллән халқымызды ең уллы, ең муқаддес әййям – елимиз ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы байрамы менен қызғын қутлықлады.
Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, ҳүкимет ағзалары, сектор басшылары, министрлик ҳәм шөлкемлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде Хурметли Президентимиз басшылығында барлық аймақлар қатарында Қарақалпақстанда да кең көлемли реформалар әмелге асырылып, елимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Соңғы бир неше айдың өзинде тек ғана Қарақалпақстан ушын бир қатар әҳмийетли пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыўға беккем тийкар белгилеп берилди.
Соның менен бирге елимизде киши бизнес ҳәм исбилерменлик, санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларында бир қатар инвестициялық жойбарлар әмелге асырылды. Буның нәтийжесинде халқымыз ушын жаӊа жумыс орынлары жаратылып, бир қатар ири өндирис кәрханалары, көплеген социаллық объектлер иске түсирилди.
Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға қаратылған ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 31-августтағы 213-санлы тарийхый пәрманы қабыл етилди. Буннан тысқары, усы жылдың 8-август сәнесинде «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПП-129-санлы және бир тарийхый пәрманға қол қойылды. Усы тийкарда республикамызда исбилерменликти раўажландырыўға, жаңа жумыс орынларын жаратыўға ҳәм усы арқалы халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге үлкен шараят жаратып берилди.
Буннан тысқары, жасларымыздың бәнтлигин тәмийинлеў, жоқары билим алыўына шараят жаратыў, кәсип-өнерге ҳәм исбилерменликке үйретиў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың қәбилетин жүзеге шығарыў бағдарында бир қанша илажлар әмелге асырылмақта.
Өз нәўбетинде жасларымыз бундай итибар ҳәм ғамхорлыққа жуўап ретинде ҳәр түрли тараўларда жоқары табысларды қолға киргизбекте.
Атап айтқанда, дүнья жүзилик көлемдеги халық аралық спорт жарыслары, Азия көлеминдеги беллесиўлерде елимиздиң байрағы бәлентлерден желбиреп, мәмлекетимизди жер жүзине танытып, бир қатар жасларымыздыӊ мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланғаны буның айқын дәлили болып есапланады.
Байрам салтанатында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары мәмлекетлик гимнлери атқарылды.
Салтанатлы байрам илажы концерт бағдарламасы менен даўам етти. Бағдарламадан орын алған көркем өнер шеберлери ҳәм жас талант ийелери атқарыўындағы Ўатан, дослық, тынышлық ҳәм татыўлық, жаслық ҳақкындағы қосықлар ҳәм аяқ ойынлар жыйналғанларға көтериңки кейпият бағышлады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети