ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСТИҢ БАСЛЫҒЫ АҚТӨБЕ ЎӘЛАЯТЫНЫҢ ҲӘКИМИН ҚАБЫЛ ЕТТИ
2437
24-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде усы жылдың 25-26-февраль күнлери Хорезм ўәлаятының Үргениш қаласында өткерилетуғын Өзбекстан ҳәм Қазақстан Республикаларының II регионлараралық бирге ислесиў форумы қатнасыўшысы, Ақтөбе ўәлаяты ҳәкими Ондасын Оразалин басшылығындағы делегацияны қабыллаў мәресими болды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов мийманларды республикамызға сапары менен қутлықлап, Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлериниң өзара ушырасыўларында ерискен келисимлери нәтийжесинде әзелден тарийхы, тили, дини бир халықларымыз арасындағы дослық, туўысқанлық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықлары соңғы жылларда және де беккемленип, раўажланып атырғанын айрықша атап өтти.
Бул өз нәўбетинде еки мәмлекет арасында саўда-экономикалық, социаллық-мәдений тараўларды раўажландырыў бойынша бирге ислесиўди жоқары дәрежеде әмелге асырыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Үргениш қаласында болып өтетуғын Өзбекстан ҳәм Қазақстан Республикаларының II регионлараралық бирге ислесиў форумы еки мәмлекет арасындағы бул байланысларды буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.
Өз гезегинде мийман жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын республикамыз басшысына өз миннетдаршылығын билдирип, бул ушырасыў да мәмлекетлеримиз арасындағы қарым-қатнасты жаңа басқышқа көтерип, еллеримиз арасында дослық көпириниң және де беккемлениўине үлес қосатуғынлығын айтып өтти.
Қабыллаўда келешекте бирге ислесиўди буннан былай раўажландырыў бойынша өз-ара пикир алмасыўлар болды.
Кабыллаў мәресиминен соң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң киши мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Ақтөбе ўәлаяты ҳәкимлиги арасында өзара бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.




Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баспасөз хызмети