Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Аманбай Орынбаевтың Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 32 жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги сөзи
1432
Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли дослар!
Әзиз Ўатанласлар!
Қəдирли мийманлар!
Еӊ дәслеп, усы бийик минберде турып Сизлерди ҳəм Сизлер арқалы гүллəн халқымызды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси ҳәм Министрлер Кеӊеси атынан елимиз тарийхындағы қутлы сәне, еӊ уллы ҳәм еӊ әзиз әййям – Ғәрезсизлигимиздиң 32 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлаўға рухсат еткейсизлер!
Ҳүрметли Ўатанласлар!
Өзлериңиз жақсы билесизлер, быйылғы ғəрезсизлик байрамы ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында “Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!” деген сүрен астында өткерилмекте.
Бул сүрен кеўиллерге өзгеше илҳам-йош бағышлап, келешекке деген исенимди жəне де беккемлеў менен бирге, гүллəн халқымызды ийгиликли мақсетлерге ҳəм дөретиўшилик ислерге руўхландырыўы менен əҳмийетли саналады.
Жəне де айта кететуғын нəрсе, елимизди раўажландырыў бойынша Раўажланыў стратегиясы ҳәмде быйылғы “Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы”ның бир-бири менен үнлес келиўи алға қойған мақсет ҳəм ўазыйпаларымызды əмелге асырыўдың əҳмийетли факторларынан бири болып табылады.
Мине, усы тийкарда мәрт ҳәм кеңпейил халқымыз ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында раўажланыўдың жаңа басқышына – Үшинши Ренесансқа қарай исенимли қәдем қоймақта.
Өйткени, ғəрезсиз елимизде ҳүрметли Президентимиз баслап берген бахытлы турмыс ҳəм жарқын келешекке бағдарланған анық мақсетлер тийкарында халқымыз турмысында, қала ҳəм аўылларымыз келбетинде күн сайын өзлерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте.
Әсиресе, жасларымызға, ҳаял-қызларымызға ҳәм исбилерменлеримизге бурын болмаған көплеген жеңилликлердиң берилиўи, 252 пуқаралар жыйынларындағы 289 инфра-структура объектлеринде дерлик 294 млрд.сўмлық қурылыс-оңлаў жумысларының алып барылыўы, жасларымыз ушын жоқары оқыў орынларына кириў ушын қосымша 10 мың квотаның ажыратылыўы, сырт еллерде оқып атырған студент-жасларымыздың оқыўын елимиздеги жоқары оқыў орынларына көшириў әмелиятының жолға қойылыўы, қала ҳәм районларымызда жәми 21 мыңнан аслам турақ-жайларда 350 млрд. сўмлық қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылыўы – булар бурын ҳеш қашан болмаған тарийхый ўақыялардан саналады.
Қалаберсе, дəўир қаҳарманлары, экономикамыздың драйвери саналған Қарақалпақстанлы исбилерменлерге қаратылып атырған итибар ҳəм оларға берилип атырған жеңилликлер ушын қаншелли миннетдар болсақ та арзыйды!
Қарақалпақстанға деген бундай аталарша ғамхорлығы ушын пүткил халқымыз атынан ҳүрметли Президентимизге мың-мыңлап рахметлер айтамыз!
Қəдирли дослар!
Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, соңғы жыллары елимиздиң барлық аймақлары қатарында Қарақалпақстан да үлкен дөретиўшилик майданына айланып бармақта.
Мине, быйылғы жылдың өзинде Инвестиция бағдарламасы тийкарында дерлик 638 млрд.сўмлық қаржы есабынан 94 социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта.
Тек ғана Нөкис қаласының өзинде пайтахтымыздың архитектуралық келбетин жаңалаў ҳəм халықтың жасаў шараятларын жəне-де жақсылаў мақсетинде 30 дан аслам көп қабатлы турақ-жайлар қурылып атырған болса, аўыллық жерлерде халықты заманагөй ҳәм ықшам турақ-жайлар менен тәмийинлеў мақсетинде Қараөзек, Кегейли ҳәм Қанлыкөл районларында “Жаӊа Өзбекстан” массивлеринде 23 көп қабатлы турақ-жайлар жаңадан бой тиклемекте.
Жəне де айрықша айта кететуғын нəрсе, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған ҳəр бир сапары халқымыз ушын мол ырысқы-несийбе, дəўлет ҳəм ығбал, бахыт алып келмекте.
Усы жыл март айында Қарақалпақстанға сапары даўамында берилген тапсырмалары тийкарында, Министрлер Кеңеси жанында мәдениятты қоллап-қуўатлаў фондын шөлкемлестирип, оған 20 миллиард сўм ажыратыў, 452 мәҳәллениң ҳәр бирине 500 миллион сўмнан қосымша қаржы ажыратыў, кадастры жоқ 43 мыңнан аслам турақ-жайлардың кадастр ҳүжжетлерин ислеп бериў, 4 мың турақ жай қурыў ҳәмде заманагөй жойбарлар тийкарында 4 мың жеке тәртиптеги турақ жайлар қурыў ушын 4 сотихдан жер ажыратыў, пуқараларға дийқаншылық пенен шуғылланыўға берилетуғын жерлерде шарўаға азықлық жетистириў ушын 5 гектарға шекем ажыратыў сыяқлы бир ўазыйпалар белгилеп алынды.
Буннан тысқары, Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен келеси 7 жыл ишинде Қарақалпақстанда әмелге асырылатуғын бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынды. Атап айтқанда, келеси жылы қарақалпақ классик әдебияттың көрнекли ўәкили Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы мүнәсибети менен мәнаўият ҳәм әдебият байрамын өткериў, Мойнақ районында Әжинияз атындағы экопаркин қурыў, Беруний бабамыздың 1050 жыллығын халық-аралық дəрежеде өткериў, келеси 7 жылда қосымша 30 жаңа мектеп, 150 мектеп ушын қосымша имарат қурыў ҳәмде 350 мектеп оңлаў арқалы қосымша 100 мың жаңа оқыўшы орынларын жаратыў, Қарақалпақстанда агро-технологиялар ҳәм инженерлик бағдарларында жетекши шет ел жоқары оқыў орынларының филиалларын ҳәмде Нөкисте санлы технологиялар институтын ашыў, келеси жылдан баслап Тахтакөпир, Шымбай, Қараөзек, Бозатаў, Шоманай, Қоңырат районларында жумыс алып барып атырған медицина тараўы хызметкерлерине 200 процентлик айлық үстеме төлеў, пайтахтымыз Ташкент қаласында бар болған барлық заманагөй медицина хызметлерин келеси жылларда Нөкис қаласында да жолға қойыў сыяқлы мақтаныш етиўге арзыйтуғын жумыслардың əмелге асырылыўы күтилмекте.
Жаңадан-жаңа имканиятлар есигин ашып, шексиз ҳəм бийбаҳа қоллап-қуўатлаўлары ушын пүткил халқымыз атынан ҳүрметли Президентимизге жəне бир мəрте мың-мыңлап рахметлер айтамыз!
Әзиз ўатанласлар!
Бүгингидей жаңаланыўлар ҳəм раўажланыўлар дəўиринде елимизде жүз берип атырған кең көлемли ийгиликли ислерге үлес қосыў, халқымыздың турмыс дәрежесин буннан былай-да жақсылаў, экономикамызды еле де беккемлеў жолында хызмет етиў, миллетлер-аралық татыўлықты, дослық қатнасықларын беккемлеў, ең тийкарғы байлығымыз болған тынышлықты сақлаў, оның қәдирине жетиў, ҳүрметли Президентимиздиӊ халқымызға деген ғамхорлығына ис пенен жуўап қайтарыў – бул усы елде жасап ҳəм мийнет етип атырған ҳәр бир инсан ушын əдиўли миннет ҳəм парыз болыўы тийис!
Өйткени, аспаны ашық, тəбияты бай, көп миллетли халқы кеңпейил, дана Елбасшысы бар Өзбекстандай елде жасаў – бул үлкен бахыт!
Бəршеңизди және бир мәрте Ғәрезсизлигимиздиң 32 жыллық байрамы менен қызғын кутлықлайман.
Сизлерге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық тилей отырып, елимиздиң және-де гүллеп-раўажланыўы, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысы жолындағы барлық жумысларыңызда табыслар тилеймен!
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы