Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшыларын жаңа оқыў жылы менен қутлықлады
Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшыларын жаңа оқыў жылы менен қутлықлады
1268
Бүгин республикамыздың барлық орынларындағы мектеплерде жаңа оқыў жылының басланыўы мүнәсибети менен байрам илажлары өткерилмекте.
Нөкис қаласындағы 1-cанлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын класы бар улыӯма орта билим бериӯ мектебинде өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.
Дәслеп, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары мәмлекетлик гимни атқарылды.
Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, жыйналғанларды ең уллы ҳәм ең әзиз байрам – Ғәрезсизлигимиздиң 32 жыллығы, сондай-ақ, бүгинги умытылмас күн – жаңа оқыў жылының басланыўы мүнәсибети менен қутлықлады.
Айтып өтиў орынлы, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз тәрепинен билимлендириў тараўына айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда өсип киятырған жас әўладты ана Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў, оларды озық ойлы, физикалық жақтан шыныққан ҳәр тәреплеме жетик инсанлар етип камалға келтириў бағдарында көлемли жумыслар алып барылмақта. Усы тийкарда билим мәскани есапланған мектеплердиң материаллық-техникалық базасы беккемленип, жаңа, заманагөй, бүгинги дәўир талапларына сәйкес билим бериўди еле де жетилистириў бойынша көплеген әмелий илажлар даўам еттирилип атыр.
Өткерилген илажда биринши қоңыраў қағылды.
Буннан соң, өсип киятырған жас әўладты тәрбиялаўда ҳәм оларға билим бериўде жемисли мийнет етип атырған бир қатар устаз-педагогларға Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгилери, мектеп жәмәәти ушын баҳалы саўғалар тапсырылды.
Илаж даўамында 1-классқа қәдем қойып атырған оқыўшыларға “Президент саўға”лары берилди.
Жоқарғы Кеңес баслығы сондай-ақ, мектепте оқыўшы-жаслар ушын жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети