Шымбай районында алып барылып атырған жумыслар сын көз-қараста талқыланды
Шымбай районында алып барылып атырған жумыслар сын көз-қараста талқыланды
2461
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, пуқараларға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм бул бағдарда жол қойылып атырған кемшиликлерге арналған мәжилис өткерди.
Онда барлық жуўапкерлер ҳәм районлық мәкеме, кәрхана ҳәмде шөлкем басшылары қатнасып, барлық мәселелер сын көз қараста қарап шығылды.
Айтып өтиў орынлы, барлық қала ҳәм районларда аймақларды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша мәжилислер өткерилип, усы тийкарда ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Тилекке қарсы, Шымбай районында усы белгиленген ўазыйпаларды орынлаўда қатар кемшиликлер анықланған.
2023-жылы районда бағдарлама тийкарында 9117 жаңа жумыс орынларын шөлкемлеситириў белгиленген болса, ўазыйпа толық орынланбастан жаңа жумыс орынлары жаратылды деп есабатларға қосып жазыўлар анықланған. Айырым жағдайларда районда исленбеген жумысқа артықша ис ҳақы төлеў сыяқлы нызам бузылыў жағдайлары да ушыраспақта.
Жергиликли бюджет дәраматлар базасын беккемлеў ҳәм орайластырылмаған ҳалда аймақларды комплексли раўажландырыўды турақлы қаржыландырыў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликке көмеклесиў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилген болса да, бул бағдардағы жумыслар районлық Экономика ҳәм финанс бөлими тәрепинен жетерли дәрежеде жолға қойылмаған.
Шымбай районлық салық инспекциясы баслығы тәрепинен өзине жүклетилген ўазыйпаларға немқурайдылық пенен қарағанлығы себепли бюджет түсимлеринде кѳплеген машқала ҳәм кемшиликлер ушыраспақта.
Буннан тысқары районда бир қатар финанслық қәте-кемшиликлер анықланған, ишимлик суў, газ ҳәм электр энергиясы ушын қарыздарлықларды өндириў дурыс жолға қойылмаған. Мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша таӊлаў саўдалары өткерилгенде нызам бузыўшылықлар жүз берген.
Президентимиздиӊ 2021-жылдағы ПҚ-5152-санлы қарары менен белгиленген көп қабатлы үйлер әтирапын оңлаў жумыслары айырым орынларда бүгинги күнге шекем басланбаған. Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 6-сентябрь күнги 500-санлы қарары бойынша сектор басшылары тәрепинен шөлкемлестириў илажлары талап дәрежесинде орынланбаған.
Киши бизнес субъектлерин ашыў бойынша январь-июнь айларына белгиленген режеге салыстырғанда 1-июль жағдайына районда 22 субъект ашылмаған. Ҳәкимликтиң есабатында усы жылдыӊ 1-ярым жылы даўамында киши бизнес субъектлеринде жаӊа жумыс орны жаратылғанлығы бойынша артықша көрсеткишлер қосып жазылған. Район аймағында иске түсирилген деп көрсетилген айырым бизнес субъектлери иске түспегенлиги анықланған. 2023-жылғы Инвестиция бағдарламасы тийкарында жаңа жойбарларды иске түсириў нәтийжесинде жумыс орынлары жаратылыўы белгиленген болсада, ҳеш қандай жумыслар әмелге асырылмаған.
Экспорт көрсеткишлери, халықты азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў илажлары, егислик майданларда суўды үнемлеўши технологияларды кеңнен ен жайдырыў илажлары талап дәрежесинде орынланбаған.
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында айырым жағдайларда кредит қаржылары усы күнге шекем ажыратылмаған. Ажыратылған кредитлердиң айырымлары мақсетсиз жумсалған. Коммерциялық банклерде машқалалы қарыздарлықты сапластырыў илажлары талап дәрежесинде орынланбаған.
Быйылғы жылы инвестицияларды киргизиў, жаңа жойбарларды иске түсириў, экспорт көлемин арттырыў жумыслары да нәтийжели жолға қойылмаған.
Мәжилисте усы сыяқлы және бир қатар мәселелер сын көз-қараста талқыланды.
Өткерилген мәжилис даўамында өз жумысын орынлаўда қате-кемшиликлерге жол қойғаны ушын районлық Экономика ҳәм финанс бөлими баслығы, Салық бөлими баслығы ҳәм районлық медицина бирлеспеси баслығын ийелеп турған лаўазымынан босатыў бойынша тапсырма берилди.
Соның менен бирге район ҳәкиминиң Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары, Жаслар ислери агентлигиниң шымбай районлық бөлими баслығы, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлими баслығының орынбасарына интизамый жаза шарасы қолланылды.
Өткерилген мәжилис жуўмағында бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети