Кегейли районын раўажландырыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўына арналған мәжилис өткерилди
Кегейли районын раўажландырыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўына арналған мәжилис өткерилди
2177
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Кегейли районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәмде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарында әмелге асырылыўы тийис жумыслар, белгиленген мәселелер ҳәм орынланған ўазыйпаларға арналған мәжилис өткерди. Айтып өтиў керек, жуўапкерлер тәрепинен жүклетилген ўазыйпаларды орынлаўда айырым басшылардың немқурайдылығы себепли жумыслар талап дәрежесинде алып барылмаған. Ҳаял-қызлар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, кредит қаржыларын ажыратып бериў, жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде жаңа исбилерменлик жойбарларын иске түсириў, киши исбилерменлик субъектлериниң жумысларын жолға қойыў, буның ушын мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылыўын тәмийинлеў илажлары талап дәрежесинде алып барылмаған. Жумыс орынлары жаратылыўы, кредит қаржылары ажыратылыўы бойынша қосып жазыўлар, есабатларда арттырып көрсетиў жағдайларына жол қойылған. Буннан тысқары, районда қурылыс тараўы бойынша да орынланбаған жумысларға қосып жазыў, айырым жағдайларда талан-тараж етиў, жумысларды өз ўақтында орынламаў жағдайлары ушыраспақта. Мәҳәллелерди абат етиў, пуқаралар жыйыны имаратларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, көшелерди тәртиплестириў, сондай-ақ, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде топырақ жолларды қум-щебен араласпалы жолларға өткериў, келип түскен мүрәжатлар бойынша ишки жолларды оңлаў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар талап дәрежесинде орынланбаған. Президент қарары тийкарында социаллық объектлердиң ысытыў қазанханаларын көмир жанылғысына өткериў, қайта тиклениўши энергия дәреклерин орнатыў жумыслары да белгиленген режеден артта қалмақта. Районда 2023-жыл даўамында пуқаралардан арнаўлы порталға турақ-жай сатып алыў ушын субсидиялар ажыратыў бойынша жәми 264 арза келип түскен. Соннан, 41 арзаға унамлы хабарнамалар берилип, тек ғана 2 пуқараға субсидия төлеп берилген, 39 пуқараға субсидиялар ажыратылмаған. Соның менен бирге, мәмлекетлик уйымларда артықша ис ҳақы төлеў, бос жумыс орынларын жасырыў сыяқлы унамсыз жағдайлар да ушыраспақта.
Кегейли районында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ушын бюджеттен ажыратылған субсидия пулларының мақсетли жумсалыўы үйренилгенде бир қатар қәте-кемшиликлер анықланған. Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылардың мақсетли жумсалыўында да қатар нызам бузыўшылық жағдайлары ушырасқан. Жер участкаларынан пайдаланыўда мәмлекетлик қадағалаўдыӊ нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар, көп қабатлы турақ-жайлардағы қурылыс-оңлаў жумыслары, мәмлекетлик активлердиң аукцион саўдаларына шығарылыўы ҳәмде бос турған мәмлекетлик объектлер бойынша режелер талап дәрежесинде орынланбай атыр. Буннан тысқары, машқалалы кредитлерди кемейтиў, инвестиция қаржыларын өзлестириў, өнимлердиң экспортын әмелге асырыў бойынша жумыслар төмен дәрежеде алып барылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июньдағы ПП-5466-санлы Пәрманы тийкарында район аймағында 2018-2021 жыллар аралығында жәми 70 жасқа 8,2 гектар жер майданлары ажыратылған. Бул ажыратылған жер орынларынан көпшилигиниң жер майданына болған ҳуқықлары бүгинги күнге шекем мәмлекетлик дизимнен өткерилмеген. Соның менен биргеликте мәжилисте аўыл хожалығы тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар, суўды үнемлеўши технологияларды ен жайдырыў ҳәм суўдың нәтийжели бөлистирилиўин тәмийинлеўши қурылмаларды оңлаў бойынша ўазыйпалар, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм шарўашылықты раўажландырыў илажлары бойынша да сөз етилди.
Мәжилисте өз ўазыйпасын орынлаўда қате-кемшиликлерге жол қойғаны ушын Кегейли районы экономика ҳәм қаржы бөлими баслығы, Мәҳәллебай ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы баслығы ийелеп турған лаўазымынан босатылды. Район ҳәкиминиң Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары, район ҳәкиминиң орынбасары-Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы, медицина бирлеспеси баслығына интизамый жаза шарасы қолланылды. Мәжилис жуўмағында алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети