Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районындағы мәҳәлле белсендилери ҳәм көше бийлери менен ушырасыў өткерди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районындағы мәҳәлле белсендилери ҳәм көше бийлери менен ушырасыў өткерди
1319
Онда тийисли министрлик, басқарма ҳәм шөлкем басшылары, районлық мәкеме, кәрхана ўәкиллери қатнасты.
Өткерилген ушырасыўда Президентимиздиң басшылығында бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, халықтың турмыс абаданлығын тәмийинлеў, инфраструктура менен байланыслы машқалаларға шешим табыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында атап өтилди.
Бүгинги күнге келип, халықтың жыллар даўамында жыйналып қалған машқалалары ҳәм тәшўишлериниң шешимин табыўда барлық буўындағы басшылар төменге түсип, «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек!» деген принцип тийкарында әмелий жумыслар алып барылып атыр.
Әмиўдәрья районында мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында 2023-жылда 71 социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде 69,8 млрд. сум қаржы тийкарында қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў режелестирилген.
Атап айтқанда, инвестиция бағдарламасы, мәҳәллелерде биринши гезекте әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслар, инфраструктураны жақсылаў, жәрдемге мүтәж пуқараларды қоллап қўўатлаў, сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң резерв фонды есабынан топырақ жолларға ЩПС төсеў, райондағы көп қабатлы турақ жайларда оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген болып, бул бағдарда әмелий жумыслар даўам етпекте.
Буннан тысқары, пуқаралардың мүрәжатлары тийкарында турақ жай алыў ушын субсидия ажыратыў, социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларды қоллап-қуўатлаў, кадастри жоқ үйлердиң ҳүжжетлерин рәсмийлестирип бериў, қайта тиклениўши энергия дереклерин орнатыў сыяқлы да машқалалар өз шешимин таппақта. Районда машқалаларды шешиў ушын тиккелей Президентимиз тәрепинен 49 мәҳәллеге қосымша 24,5 млрд. сум қаржы ажыратылған.
Жоқарғы Кеңес Баслығы әмелге асырылып атырған жумыслар менен бир қатарда, еле де шешимин күтип турған машқалалар бар екенлигин айрықша тилге алды.
Атап айтқанда, халықтың кеўил-кейпиятына туўрыдан-туўры тәсир ететуғын базар инфраструктурасы, жол, электр энергиясы ҳәм ишимлик суўы тәмийнаты, сапалы медициналық хызмет кѳрсетиў бағдарында бир қатар машқалалар ушыраспақта.
Әсиресе, “Маңғыт дийқан базары” бойынша көплеген мүрәжатлар келип түсип атырған болып, бул машқала да Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынған ҳәм тез арада унамлы өзгерис әмелге асырылыўы белгиленген
Буннан тысқары, ушырасыўда райондағы автомобиль ҳәм ишки хожалық жолларын оңлаў бойынша көплеген мүрәжатлар келип түсип атырғанлығы, усы тийкарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылып, бул илажлар еле де даўам еттирилиўи атап өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети