Әмиўдарья районындағы “Қылышбай” мәҳәллеси абат мәнзиллердиң бирине айланады
Әмиўдарья районындағы “Қылышбай” мәҳәллеси абат мәнзиллердиң бирине айланады
1293
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районы “Қылышбай” аўыл пуқаралар жыйыны белсендилери, көше бийлери ҳәм нураный-ақсақаллар менен ушырасты.
Айтып өтиў керек, бүгинги күнде алыс, ең шетки, итибардан шетте қалып қойған мәҳәллелерди абат етиў жумыслары республикамыз бойынша кең түрде даўам етпекте. Тахтакөпирдеги “Белтаў”, Қараөзектеги “Қараөзек”, Төрткүлдеги “Қумбасқан” аўылларынан баслап, Нөкис қаласындағы шараяты аўыр мәҳәллелерде бундай илажлар әмелге асырылып атыр. Өткерилген ушырасыўда усы илажлардың даўамы сыпатында Әмиўдәрья районындағы мәҳәллелерди кең көлемли абаданластырыў, пуқараларды қыйнап келген машқалаларға ҳәр тәреплеме шешим табыў илажлары “Қылышбай” мәҳәллесинен басланатуғынлығы атап өтилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы онда барлық мәселелер белгилеп алынғанлығы, ҳәр бир машқала басқышпа-басқыш шешимин табатуғынлығын айрықша тилге алды.
Ушырасыўда «Қылышбай» пуқаралар жыйынына алып барыўшы 4Р-181 автомобиль жолының оңлаўға мүтәжлиги, 7 км.ден артық ишки жоллар улыўма оңланбағанлығы, электр тәмийнаты, ески бағаналар менен байланыслы қатар машқалалар, ишимлик суўы менен тәмийинлеў, халыққа хызмет етиўши тез жәрдем автомашиналарын жаңалаў, медициналық хызметтиң сапасын жақсылаў зәрүрлиги бар екенлиги сыяқлы машқалаларды сапластырыў илажлары көрилип атырғанлығы айтып өтилди.
Сондай-ақ, Азия раўажландырыў банки қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын жойбар бойынша “Қылышбай” суў бөлистириў қурылмасын реконструкциялаў ҳәмде “Қылышбай”, “Аяқшы”, “Хызыр ели” пуқаралар жыйынлары аймағында жәми 40 км көшеге суў тармақларын тартыўды әмелге асырыўды жеделлестириў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Мәҳәлле белсендилери ҳәм нураныйлар Президентимиздиң тапсырмасы менен аўылға қаратылып атырған айрықша итибардан миннетдар екенлигин ҳәм белгиленген режелер тийкарындағы жумыслар әмелге асырылып, аймақ халқының абадан турмыс кешириўи ушын әлбетте, мүнәсип шараят жаратылатуғынлығына беккем исеним билдирди.
Ушырасыў жуўмағында ўазыйпалар белгилепалынып, жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети