Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери менен жақыннан пикирлести
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери менен жақыннан пикирлести
1551
Онда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, жаңадан тайынланған Мәденият министрин таныстырды.
Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри лаўазымына Темирбаев Бегисбай Жумабаевич тайынланды.
Темирбаев Бегисбай бүгинги күнге шекем "Айқулаш" қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамблиниң директоры лаўазымында ислеп келген.
Буннан кейин, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз басшылығында барлық тараўлар қатарында мәденият ҳәм көркем өнер хызметлерин қоллап-қуўатлаў, тараўды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға қаратылып атырған итибар ҳәм көрсетилип атырған ғамхорлықлар ҳаққында айтып өтти.
Атап өтилгениндей, өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтермекте. Әсиресе, Қарақалпақстан бойынша өз алдына қабыл етилген қарарлар миллий мәдениятымыз бенен көркем-өнеримизди және де раўажландырыўда әҳмийетли орын тутпақта. Усы жылдың 10-июль күни «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында мәдениятты қоллап-қуўатлаў фондын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарардың қабыл етилиўиде шын мәнисинде Президентимиздиң Қарақалпақстанға, оның мәденияты ҳәм көркем өнерине болған айрықша итибарының және бир айқын көриниси болды десек алжаспаған боламыз.
Айтып өтиў керек, соңғы жыллары елимизде тараўды раўажландырыў бағдарында халықаралық таңлаўлар өткериў ҳәм гастрол сапарларын шѳлкемлестириў, бир қатар объектлерде қурылыс ҳәм реконструкция жумысларын алып барыў, шетки аймақларда заманагөй Амфитеатр, мәденият орайлары, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплерин жаңадан қурыў, мәденият мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў сыяқлы кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Жақын қысқа дәўир ишинде Өзбекстан мәмлекетлик Көркем өнер ҳəм мəденият инстутының ҳəмде Консерваторияның Нөкис филиаллары, Опера ҳəм бақсышылық мектеби шөлкемлестирилди, соның менен бирге, соңғы еки жылдың ишинде бир қатар мәденият объектлери жаңадан қурылды. Атап айтқанда Шымбайда 6,2 млрд. сумлық 1400 орынлық, Қоңыратта 7,5 млрд. сумлық 1200 орынлық амфитеатр, Қараөзекте 6,7 млрд. сумлық мәденият орайы қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.
Ушырасыўда жаратылып берилип атырған усыншама имканиятларға қарамай, тараўда шешимин күтип турған бир қатар машқалалар да жыйналып қалғанлығы айрықша тилге алынды.
Буннан соң тараў ўәкиллери, нураный-ақсақаллар, ветеранлар ҳәм жаслар өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.
Ҳәр бир көтерилген мәселе белгилеп алынып, шешимин табыў бойынша барлық зәрүрли илажлар көрилетуғынлығы атап өтилди.
Ашық-айдын пикирлесиў түринде болып өткен ушырасыўда тараўды раўажландырыў ҳәм бар болған машқалаларды шешиў бағдарында ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети