Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамыздағы мектеп директорлары менен ушырасты
Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамыздағы мектеп директорлары менен ушырасты
1444
Бүгинги күнде елимизде билимлендириў тараўында алып барылып атырған реформалардың орынларда әмелге асырылыўын тәмийинлеў, келешегимиз болған жасларымызға сапалы билим бериў, муғаллим ҳәм устазларды улығлаў мəселелери мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан саналады. Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтермекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев билимлендириў тараўын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм бул бағдарда жол қойылып атырған кемшиликлер әтирапында пикирлесиў, сондай-ақ, орынлардағы мектеплер басшыларының пикир-усынысларын тыңлаў мақсетинде республикамыз аймағындағы мектеп директорлары менен ушырасты.
Онда дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиз басшылығында әмелге асырылып атырған жумысларға кең түрде тоқталды.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары билимлендириў системасын жаңаша раўажландырыўға, муғаллимлердиң жəмийеттеги абырайын арттырыўға, оларды руўхый ҳəм материаллық қоллап-қуўатлаўға, жасларды ҳәр тәреплеме билимли етип тәрбиялаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Соңғы бес жылдың ишинде улыўма билим бериў мектеплери саны 706 дан 722 ге артып, питкериўшилердиң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткиши 14,2 процентен 41,8 процентке жеткерилди. Қәбилетли жасларымызды оқытыў системасын еле де жетилистириў мақсетинде аймағымызда Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги системасындағы 18 қәнигелестирилген мектеп ҳәм мектеп-интернатлары шөлкемлестирилди.
Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы Пәрманы тийкарында 2022/2023-оқыў жылынан баслап республикамыздағы 143 мың 577 басланғыш класс оқыўшылары кейтеринг шөлкемлери тәрепинен бийпул азық-аўқат пенен тәмийинлеў мəселеси илгери сүрилди. Бул мақсетлер ушын 2022-жыл 100 млрд. сум, 2023-жыл 135 млрд. сум қаржы ажыратылды.
Соның менен бирге, соңғы еки жылдың ишинде бир қатар билимлендириў объектлери жаңадан қурылды. Быйылғы жылда мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде республикамыздағы 13 мектепте 120,8 млрд.сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта.
Өткерилген ушырасыўда жаратылып берилип атырған усыншама имканиятларға қарамай, тараўда шешимин күтип турған бир қатар машқалалар да бар екенлиги айрықша тилге алынды, айырым мәселелер сын көз-қараста талқыланды.
Буннан соң мектеп директорлары өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.
Ҳәр бир көтерилген мәселе белгилеп алынып, шешимин табыў бойынша барлық зәрүрли илажлар көрилетуғынлығы атап өтилди.
Ашық-айдын пикирлесиў түринде болып өткен ушырасыўда тараўды раўажландырыў ҳәм бар болған машқалаларды шешиў бағдарында ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети