Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының мәсләҳәт ушырасыўындағы шығып сөйлеген сөзи
1611
Ҳүрметли делегациялардың басшылары!
Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўының барлық қатнасыўшыларын қызғын қутлықлайман.
Бәринен бурын, дәстүрий жыллы қабыллағаны ҳәм илажды жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын Тәжикстан Республикасы Президенти ҳүрметли Эмомали Шарипович Раҳмонның атына билдирилген миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.
Бүгинги ушырасыўымызда Әзербайжан Республикасы Президенти ҳүрметли Илҳам Ҳайдарович Алиевти көрип турғанымнан қуўанышлыман. Сизиң қатнасыўыңыз регион мәмлекетлериниң Әзербайжан менен терең тарийхый байланыслылығы ҳәм бирге ислесиўдиң ҳәзирги жоқары дәрежесиниң бир көриниси болып есапланады.
Сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң жоқары мәртебели ўәкили мырза Каха Имнадзени де қутлықлайман. Ол басқарып атырған Регионаллық превентив дипломатия орайы Орайлық Азияда көп тәреплемели шерикликти раўажландырыўда әҳмийетли роль атқарып атырғанын атап өтпекшимен.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Бүгинги бесинши Мәсләҳәт ушырасыўының өткерилиўи ҳәм онда алға қойылып атырған басламалар бизиң өз-ара исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм шерикликке тийкарланған қатнасықларымызды беккемлеў ҳәм әмелий бирге ислесиўди күшейтиў жолындағы умтылысларымызды көрсетпекте.
Улыўма ҳәрекетлеримиз себепли турмыслық әҳмийетли мәселелерди шешиў ҳәм бирге ислесиўимизди сапа жағынан жаңа мазмун менен толықтырыў бағдарында айрықша илгерилеўге еристик.
Бизиң сиясий сөйлесиўлеримиз ҳәм парламентлераралық алмасыўлар турақлы түрге енбекте. Сөйлесиў ҳәм бирге ислесиў ушын түрли платформалар иске қосылды.
Усы күнлерде Душанбеде дәстүрге айланған жетекши ҳаял-қызлар, ректорлар, илимпазлар, жаслар ушырасыўлары, экономикалық форум ҳәм көргизбелер, бир қатар мәдений-гуманитарлық илажлар табыслы өтпекте.
Ең баслысы – Орайлық Азияда турақлылық ҳәм тилеклеслик беккемленбекте. Бизиң регионымыз экомикалық өсиў ҳәм инвестициялық белсендилик орайларынан бирине айланбақта. Батысты Шығыс ҳәм Арқаны Қубла менен байланыстыратуғын транспорт хабы болыў сыяқлы тарийхый ўазыйпаны және өз мойнына алмақта.
Кейинги жылларда регион мәмлекетлериниң улыўма ишки өними 40 процентке көбейди. Орайлық Азия мәмлекетлери арасында саўда көлеминиң турақлы өсиўи бақланбақта. Мәселен, товар айланысы 2,5 еседен аслам артты. Өз-ара инвестициялар көлеми артып 6 рет, тиккелей сырт ел инвестициялары ағымы болса 45 процентке артты. Буннан тысқары, ишки регионаллық туризм көрсеткишлери 2 есеге артты.
Ҳүрметли ушырасыў қатнасыўшылары!
Регион мәмлекетлери жумысының халықаралық майданда тығыз муўапықластырылғаны улыўма ҳәрекетлер нәтийжеси болып есапланады.
Бүгин биз глобаллық ҳәм регионаллық сиясат күн тәртибиндеги көплеген әҳмийетли мәселелер бойынша бирден-бир позицияда турып ҳәрекет етпектемиз. Бизиң мәмлекетлеримиз 2017-жылдан берли Орайлық Азиядағы раўажланыў ҳәм шерикликтиң әҳмийетли мәселелерине байланыслы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң 8 резолюциясын қабыллаў бойынша басламаларды алға қойды.
Булардың барлығы халықаралық жәмийетшилик тәрепинен жоқары баҳаланбақта ҳәм кеңнен тән алынбақта. «Орайлық Азия плюс» форматындағы дерлик 10 нан аслам бирге ислесиў бойынша сөйлесиў шөлкемлестирилгени буны тастыйықлайды. Мине усы сөйлесиўлер шеңберинде сыртқы ислер министрлери дәрежесинде бизиң биргеликтеги ҳәрекетимиз бойынша улыўма көзқарасларды ислеп шығыў әҳмийетли, деп есаплаймыз.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Бүгинги күнде бизиң барлық мәмлекетлеримиз дүнья жүзинде бақланып атырған геосиясий бәсеки ҳәм қарама-қарсылықлардың ақыбетлерин толық сезбекте. Усы жерде саўда ҳәм транспорт-логистика шынжырларының үзилиўи, инвестиция ҳәм технологиялардан пайдаланыў бағдарындағы шеклеўлер, энергетика ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша машқалалардың кескинлесиўи ҳаққында сөз болмақта.
Климат өзгерислери айрықша қәўетер оятпақта.
Мине усындай қәўип-қәтерлерге нәтийжели қарсы гүресиў имканияты көп тәреплемели шерикликти тереңлестириўге қаратылған қоспа ҳәрекетлерди бирлестириўге байланыслы.
Усы мүнәсибет пенен бирге ислесиўимиз перспективалары бойынша бир қатар усынысларды билдирмекшимен.
Биринши. Саўда-экономикалық бирге ислесиў регионаллық шериклик ҳәм интеграцияның тийкарғы ҳәрекетлениўши күши болып есапланады.
Биз бул бағдарда регион мәмлекетлери менен әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў ушын Өзбекстанда барлық зәрүр шараятларды жаратпақтамыз.
Товар айланысы көлемин арттырыў мақсетинде бурынғысынан басқаша тәризде ҳәм шеклеўлерсиз толық түрде еркин саўда зоналарын жедел қәлиплестириў керек, деп есаплаймыз.
Усы мүнәсибет пенен, регионда турақлы саўда-логистика шынжырларын қәлиплестириў, шегара алды аймақларда саўда ҳәм кооперация орайларын ашыў ҳәм кеңейтиў, өз-ара саўда бойынша нызамшылықты сәйкеслендириў ҳәм бул бағдардағы тосқынлықларды сапластырыў, бажыхана ҳәкимшилиги, санитариялық ҳәм фитосанитариялық қадағалаў, товарларды жаратыў, регионаллық электрон саўда майданын иске қосыўды нәзерде тутатуғын комплексли регионаллық бағдарламаны қабыллаўды усыныс етемиз.
Бул ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын сыртқы саўда жумысы бойынша жуўапкер болған министрлердиң турақлы ушырасыўын өткериў механизмин иске қосыўды усыныс етемиз.
Екинши. Санаат кооперациясын раўажландырыў.
Бизде бул тараўда табыслы шериклик бойынша тәжирийбе бар. Бул – жеңил автомобильлер, турмыслық техника, тоқымашылық өнимлери ҳәм азық-аўқат товарларын ислеп шығарыў, Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстан ҳәм сондай-ақ, Әзербайжан менен шегараалды аймақлар кооперациясы болып есапланады.
Үшинши мәмлекетлерге экспорт етиўди гөзлеген ҳалда минерал төгинлер, полимерлер, металлдан таяр буйымлар, таяр тоқымашылық ҳәм азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў, аўыл хожалығы техникаларын жыйнаў бирге ислесиўди және де тереңлестириў ҳәм ири өндирис жойбарларын әмелге асырыў бойынша перспективалы бағдарлар болыўы мүмкин.
Бизиң биргеликтеги ҳәрекетлеримиз системалы түрге ениўи ушын Орайлық Азия мәмлекетлериниң узақ перспективаға мөлшерленген санаат кооперациясын раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыўды усыныс етемиз.
Үшинши. Бул – транспорт тараўындағы өз-ара байланыслылық болып есапланады.
Тийкарғы сырқы базарлардан географиялық жақтан узақлығын есапқа алғанда, бизиң мәмлекетлеримизде жүклерди тасыў ушын кететуғын қәрежетлердиң үлеси товарлардың кейинги баҳасына салыстырғанда 50 процентке жетпекте.
Ҳәзирги ўақытта дүнья жүзиндеги орташа көрсеткиш 11 проценттен артпайды. Нәтийжеде бизлердиң экономикамыз раўажланған мәмлекетлерге қарағанда 2-3 рет көп транспорт қәрежетин көтериўге мәжбүр болмақта.
Мәмлекетлеримиздиң транспорт тараўындағы потенциалын және де арттырыў мақсетинде тармақ министрлери ушырасыўлары шеңберинде Орайлық Азияда Транспорт ҳәм транзит ҳаққындағы келисимди ислеп шығыў, бизнес ушын қолайлы болған аралық тарифлерин қолланған ҳалда, Қытай, Қубла Азия ҳәм Жақын Шығыс ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлериниң базарларына шығыў ушын нәтийжели транспорт коридорларын раўажландырыў бойынша анық механизмлерди қәлиплестириў, Транспорт хызметлери базарын либералластырыў ҳәм рухсат етиўге байланыслы тәртип-қағыйдаларды оптималластырыў илажлар бағдарламасын таярлаў, Халықаралық тасыўлардың интеграцияласқан санлы платформасын жаратыў имканиятлары бар, деп есаплаймыз.
Бизиң биргеликтеги жумысымызға әзербайжанлы шериклерди жедел тартыўды усыныс етемен.
Төртинши. Энергетика тараўында қәўипсизликти тәмийинлеў.
Тилекке қарсы, регионда энергетика инфраструктурасын раўажландырыў пәтлери санаатластырыў ҳәм урбанизация процесслери, сондай-ақ, демографиялық өсиўден арқада қалмақта. Бүгинги күнде бул мәмлекетлеримиздиң узақ мүддетли турақлы раўажланыўы жолындағы айрықша қәўип-қәтер болып есапланады.
Биз бундай шараятта тармақ министрликлери ҳәм миллий компанияларымыздың геологиялық-излеў жумысларын алып барыў ҳәм перспективалы кәнлерди өзлестириў, энергия ресурсларын сақлаў ҳәм жеткерип бериў бойынша бар инфраструктураларды кеңейтиў ҳәм заманагөй инфраструктураларды жаратыў тараўындағы бирге ислесиўин және де күшейтиў тәрепдарымыз.
Буннан тысқары, электр энергиясын жеткерип бериў ушын жаңа магистраль тармақларды қурыў бирге ислесиўимиздиң әҳмийетли бағдарына айланыўы керек.
Бизиң регионымыз, сондай-ақ, гидроэнергетика тараўын раўажландырыў ушын үлкен потенциалға ийе. Биз Тәжикстанда Зарафшан дәрьясында ГЭС қурыў жойбарын биргеликте ислеп шықпақтамыз, Қырғызстанда Қамбарата ГЭС-1 жойбарын әмелге асырыў мәселесин жедел шешпектемиз.
Соның менен бирге, энергия дәреклерин диверсификациялаўдан, альтернатив энергетика тараўына инвестиция ҳәм технологияларды тартпай ҳәм «жасыл» водородты ислеп шығарыўды жолға қоймай турып, регионды турақлы раўажландырыў мүмкин емес, деп есаплаймыз.
Бесинши. Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў.
Биз жақында Самарқандта Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеминиң қәўендерлигинде дүньяның 30 дан аслам мәмлекетлеринен келген министр ҳәм экспертлердиң қатнасыўында халықаралық конференция өткердик. Болып өткен пикир-таласлар даўамында бизиң регионымыздағы әззи ноқатлар және бир мәрте атап өтилди.
Булар – аграр сектордың илимий-технологиялық жақтан жетерлише раўажланбағаны, суў ресурслары бағдарындағы қатаң жетиспеўшилик, қосымша қун жаратыўдың узақ ҳәм нәтийжесиз шынжырлары, климат кризиси ҳәм логистикадағы үзилислер алдындағы турақсызлық, саламат аўқатланыў мәселеси болып есапланады.
Бул тараўда ҳәрекетлерди бирлестириў ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми жәрдеминде регионаллық Шериклик бағдарламасын таярлаў әҳмийетли, деп есаплаймыз.
Атап өтпекшимен, бизиң мәмлекетлеримиздиң азық-аўқат өнимлери тек ғана регионның ишки базарындағы мүтәжликлерди толық қаплаў емес, ал оларды экспорт етиў сыяқлы айрықша имканиятқа да ийе болып есапланады.
Алтыншы. Климат өзгерислерине байланыслы қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў регионның турақлы раўажланыўын тәмийинлеўдиң ең әҳмийетли факторына айланбақта.
Усы мүнәсибет пенен, келеси жылы бәҳәр мәўсиминде Самарқандта Орайлық Азиядағы климат өзгерислерине бағышланған халықаралық форум өткермекшимиз. Регион мәмлекетлериниң делегацияларын бул конференцияның жумысында белсене қатнасыўын усыныс етемен.
Форум жуўмақлары бойынша Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының «Орайлық Азия глобаллық климат қәўип-қәтерлер алдында: улыўма абаданлық жолында аўызбиршилик» деп аталған резолюциясының жойбары таярланады.
Сондай-ақ, Климат өзгерислерине бейимлесиў мәселелери бойынша регионаллық стратегияны қабыллаў ҳәм климаттың турақлылығын ҳәм «жасыл» раўажланыўды тәмийинлеўге қосымша әмелий үлес болыўы мүмкин.
Регионның климатқа байланыслы бирден-бир күн тәртибин қәлиплестириў ҳәм биргеликте тәсиршең илажларды қабыллаў ушын биз экология министрлери дәрежесинде «Климат бойынша Орайлық Азия сөйлесиўи» көп тәреплемели платформасын шөлкемлестириўди усыныс етемиз.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Улыўма тарийх, үрп-әдет, мәденият ҳәм қәдириятларға – Орайлық Азияның сийрек ушырасатуғын цивилизациясының бирдей екени ҳәм рең-бәреңлигине тийкарланған мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў бизиң ең әҳмийетли дәстүрий тийкарғы бағдарымыз болып есапланады.
Биргеликтеги мәденият, көркем өнер ҳәм кино күнлери, «дослық кешелери», жаслар форумлары, дөретиўши зыялылардың ушырасыўлары, илимий симпозиум ҳәм спорт жарысларын өткериў жақсы дәстүрге айланыўы керек. Бул бағдардағы жумыслардың системалылығын тәмийинлеў мақсетинде Орайлық Азия мәмлекетлериниң мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўин тереңлестириў бойынша Ҳәрекетлер режесин қабыл етиўди усыныс етемиз.
Соның менен бирге, бизиң сийрек ушырасатуғын мәдений-тарийхый ҳәм дәстүрий мийрасымызды халықаралық майданда кеңнен үгит-нәсиятлаўда ғалаба хабар қураллары ҳәм ҳүкиметлик емес шөлкемлер, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары имканиятларынан жедел пайдаланыў зәрүр. «Орайлық Азия тарийхы ҳәм мәденияты: бирден-бир өтмиш ҳәм улыўма келешек» халықаралық медиа платформасын жаратыў бул бағдардағы әмелий қәдем болады. Онда улыўма регионаллық контентти қәлиплестириў ушын илимпазлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллерин тартыўға айрықша итибар қаратыў мақсетке муўапық болып есапланады.
Булардың барлығы бир-бирин өз-ара түсиниў ҳәм улыўма регионаллық өзине тәнликти түсиниў сезимин беккемлеўге хызмет етеди.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Әлбетте, бизиң келешегимиз – бул бизиң жасларымыз болып есапланады. Усы мәнисте, бүгин қол қойылатуғын Орайлық Азия мәмлекетлери жаслар сиясатының улыўма бағдарлары ҳаққындағы келисим айрықша әҳмийетке ийе болып есапланады.
Жаслардың билим ҳәм маманлығын арттырыў бойынша ҳәрекетлеримизди бирлестириў, оларды жетик маман кадрлар етип таярлаў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде усы бағдардағы халықаралық шөлкемлердиң қатнасыўында Орайлық Азия жасларының имканиятларын кеңейтиў ҳәм олардың потенциалын жүзеге шығарыў орайын шөлкемлестириўди усыныс етемиз.
Сондай-ақ, мәмлекетлеримиздеги қәбилетли жаслар ушын илим ҳәм билимлендириў тараўында Ал-Хорезмий, Фарабий, Жәмий, Мақтымқулы, Шынғыс Айтматов сыяқлы Орайлық Азия регионынан жетилисип шыққан уллы ойшыллар, улама ҳәм философлар атындағы регионаллық грант ҳәм стипендиялар шөлкемлестириў әҳмийетли, деп есаплаймыз.
Жас әўладты экстремистлик идеялар тәсиринен қорғаў мақсетинде жаслардың радикалласыўына қарсы гүресиў тараўындағы бирге ислесиў бойынша Регионаллық комплексли бағдарлама ислеп шығыў зәрүр, деп билемиз.
Ҳүрметли мәмлекет басшылары!
Қәўипсизлик тараўында бирге ислесиўди кеңейтиўди жумысымыздың әҳмийетли бағдарларынан бири, деп есаплаймыз. Улыўма қәўип-қәтерлердиң алдын алыў бойынша топарлық қарарлар ислеп шығыў ушын биз турақлы түрде ҳәм өз-ара исеним тийкарында пикир алысып турыўымыз керек.
Усы мүнәсибет пенен қәўипсизлик мәселелери бойынша мәмлекетлеримиздиң Қәўипсизлик кеңеслери хаткерлери тәрепинен муўапықластырып барылатуғын турақлы мәжилислерди өткериў ҳаққындағы усынысты қоллап-қуўатлаймыз.
Орайлық Азия мәмлекетлериниң шегараларын қорғаў ҳәм беккемлеў бойынша Мәмлекетлераралық бағдарламаны ислеп шығыўға кирисиўди усыныс етемиз.
Қәўипсизликке байланыслы дәстүрий ҳәм жаңа қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бағдарындағы сценарийлерди әмелде қолланыў бойынша биргеликтеги әскерий-оқыў шынығыўларын даўам еттириў әҳмийетли болып есапланады.
Айрықша жағдайлар бойынша прогнозлар етиў, олардың алдын алыў, ерте ескертиў ҳәм оларға биргеликте қарсы гүресиў бағдарындағы Регионаллық системаны қәлиплестириў бүгинги күнниң талабы, деп есаплаймыз.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Орайлық Азиядағы қәўипсизлик ҳәм турақлылыққа тиккелей тәсир ететуғын ең тийкарғы факторлардан бири Аўғанстандағы жағдай болып есапланады.
Аўғанстанның бүгинги ҳәкимияты менен турақлы ҳәм ашықтан-ашық сөйлесиў, бул мәмлекетти региондағы экономикалық процесслерге интеграциялаў оғада әҳмийетли болып есапланады.
Өзбекстан буннан былай да аўған халқына зәрүр жәрдем көрсетеди, усы мақсетте Термиздеги халықаралық хабты гуманитар жәрдем ушын усынады, аўған пуқараларын арнаўлы шөлкемлестирилген билимлендириў орайында оқытыўды даўам еттиреди.
Трансаўған темир жолын қурыў жойбарын алға қойыў менен бирге, Аўғанстанның ишки транспорт жолларын тиклеў оғада әҳмийетли, деп есаплаймыз.
Буннан тысқары, аўған тәрепи менен шегаралардың қәўипсизлиги, суўдан пайдаланыў ҳәм саўда-сатықты раўажландырыў мәселелери бойынша сөйлесиў әҳмийетли болып есапланады.
Аўғанстан ҳәкимияты менен бирге ислесиў бизиң мәплеримизди улыўмалық түсиниктен келип шығыўы ҳәм өз-ара келисилген ҳалда болыўы зәрүр. Буның ушын Орайлық Азия мәмлекетлериниң Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкиллери дәрежесинде Сөйлесиў топарын шөлкемлестириўди усыныс етемиз.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Бизиң ушырасыўларымыз ҳәм ерискен келисимлеримизди әмелде енгизиў нәтийжелилигин арттырыў механизмлерин ислеп шығыў керек, деп есаплаймыз. Усы мүнәсибет пенен Мәсләҳәт ушырасыўлары ислери бойынша Миллий муўапықластырыўшылар кеңесин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысты қоллап-қуўатлаймыз.
Буннан тысқары, күн тәртибиндеги саўда-экономикалық мәселелердиң пүткил комплекси бойынша әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў ушын Орайлық Азия мәмлекетлери экономикалық кеңесин шөлкемлестириўди усыныс етемиз.
Сөзимниң жуўмағында бүгинги ушырасыўымыз нәтийжелери мәмлекетлеримиз арасында дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шерикликти және де беккемлеўге, кең көлемдеги регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет етеди, деп исеним билдиремен.
Итибарыңыз ушын рахмет.