Уллы ойшыл бабамыздың юбилейине арналған халық аралық конференция қатнасыўшылары шөлкемлестирилген илажлар шеңберинде Абу Райхан Берунийдиң рәмзий қәбирин зияратлады
872
Уллы ойшыл бабамыздың юбилейине арналған халық аралық конференция қатнасыўшылары шөлкемлестирилген илажлар шеңберинде Абу Райхан Берунийдиң рәмзий қәбирин зияратлады
Бул жерде Беруний бабамыздың руўхына қуран тиләўат етилди.
Сондай-ақ, Абу Райхан Берунийдиң бизге жетип келген мийрасы, дөреткен қунлы шығармалары ҳәм дүнья илимине қосқан үлеси ҳаққында сөз етилди.
Айтып өтиў орынлы Абу Райхан Беруний өз заманының көпшилик пәнлерин, атап айтқанда астрономия, физика, мәденияттаныў, география, геология, этнология, тарийх, жәмийеттаныў, тил илими пәнлерин пухта ийелеген ҳәм усы пәнлердиң раўажланыўына үлес қосқан белгили алым болды. Усының нәтийжесинде оның аты жәҳән илим дүньясының уллы ойшыллары қатарынан орын алды. Беруний өз дәўириниң илим-пәниниң түрли тараўларына тийисли 160 тан аслам қунлы шығармалар дөретти.
Буннан 10 әсир алдын жазып қалдырылған ҳәм тарийх бетлерине мөрленген бул шығармалар бүгинги илим-пәнниң жетискенликлериниң тийкарын қурамақта.
Илаж даўамында мийманлар қатнасыўында жақсы нийетлер менен терек нәллери егилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети