Уллы ойшыл бабамыздың юбилейине арналған халықаралық конференция Беруний районында даўам етпекте
1032
Район орайындағы Мәденият сарайында илимий-әмелий конференция болып өтти. Онда мийманлар тәрепинен "Орайлық Азия уламалары дүнья цивилизациясында", "Беруний шығармаларының дүнья илиминиң раўажланыўындағы әҳмийети", "Беруний гуманитар мийрасының Тәжикстанда үйренилиўи" сыяқлы тематикаларда илимий изленислер жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Соның менен бирге, илимпазлар тәрепинен Беруний бабамыздың дөретпелериниң әҳмийети, бүгинги күндеги илим-пәнниң раўажланыўында тутқан орны ҳәм қосқан үлеси ҳаққында кең түрде атап өтилди.
Соның менен бирге, илимпазлар тәрепинен Беруний бабамыздың дөретпелериниң әҳмийети, бүгинги күндеги илим-пәнниң раўажланыўында тутқан орны ҳәм қосқан үлеси ҳаққында кең түрде атап өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети