Уллы ойшыл бабамыздың юбилейине арналған илажлар шеңберинде Беруний районындағы орайлық амфитеатрда концерт бағдарламасы болып өтти
1140
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, Абу Райхан Беруний туўылғанына 1050 жыл толыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады. Сондай-ақ, өз заманы ҳәм барлық дәўирлердиң белгили илимпазларының бири, өзиниң бай мийрасы менен дүнья илиминде өшпес из қалдырған уллы ойшыл бабамыз ҳаққында кең түрде атап өтилди.
Өткерилген концерт бағдарламасында халықлар дослығын өзинде жәмлеген түрли намалар атқарылып, көп миллетли халқымыздың беккем аўызбиршилиги көрсетилди. Миллий аяқ ойынлар, бәлент лапызлы атқарыўшылардың қосықлары бағдарламаға өзгеше сән берди.
Халықаралық конференция қатнасыўшылары да жаңлаған түрли намаларда жоқары дәрежедеги қызығыўшылық пенен тамашалады.
Концерт бағдарламасы көтериңки кейпиятта даўам етти.
Усының менен Абу Райхан Беруний туўылғанының 1050 жыллығы юбилейи илажлары өз жуўмағына жетти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети