Жоқарғы Кеңес Баслығы исбилерменлердиң машқалаларын тыңлады
1320
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў бойынша исбилерменлер менен ушырасты.
Онда ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан ушын ҳәм Қарақалпақстанда исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ушын қабыл етилген бир қатар пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилгенлиги, усы тийкарда республикамыз исбилерменлери ушын оғада үлкен мүмкиншиликлер жаратылғанлығы айрықша тилге алынды.
Айтып өтиў керек, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде бир қатар инвестициялық жойбарлар бойынша мәнзилли дизим ислеп шығылған болып, усы тийкарда жаңа жумыс орынлары жаратылыўы режелестирилген. Тилекке қарсы, айырым жойбарлардың иске түсирилиўинде бир қатар машқалалар ушыраспақта.
Жоқарғы Кеңес Баслығы жақыннан сәўбетте исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалаларды тыңлады ҳәм ҳәр бир жаңа жумыс орынларын жаратыў нийети бар исбилермен қоллап-қуўатланатуғынлығын атап өтти.
Исбилерменлер тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилди ҳәм ҳәр бир машқала Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды.
Ушырасыў соңында ўазыйпалар белгилеп алынды ҳәм тийисли тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети