Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ЮНЕСКОның Өзбекстандағы турақлы ўәкили Сара Ношади менен ушырасты
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ЮНЕСКОның Өзбекстандағы турақлы ўәкили Сара Ношади менен ушырасты
1577
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Ушырасыўда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы бүгинги күнде елимизде туризм ҳәм мәденият тараўын раўажландырыў, бул бағдарда алып барылып атырған жумыслар, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тараўды раўажландырыў бағдарында қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Соның менен бирге, мәдений мийрас объектлерине итибарды күшейтиў, оларды қорғаў ҳәм сақлаў, өтмиштен саза бериўши тарийхый естеликлер, бир неше әсирлик мәдениятымыз ҳәм миллийлигимиздиң әжайип дүрданаларын қәстерлеў, олардың ЮНЕСКО мийраслары қатарына киргизилиўин тәмийинлеў, илим-пән, мәденият бағдарларында бирге ислесиўлерди кеңейтиў мәселелери сөз етилди.
Ушырасыўда сондай-ақ, қарақалпақ миллий саз әсбабы есапланатуғын Ғобызды ЮНЕСКО мийраслары қатарына киргизилиўиндеги жумысларды жеделлестириў, буннан тысқары және бир қатар объектлерди ЮНЕСКО мийраслары қатарына киргизиў бойынша да пикирлесилди.
Өз нәўбетинде мийманлар жыллы жүзлилик пенен күтип алғаны ушын миннетдаршылығын билдирди ҳәм бирге ислесиўди еле де кеңейтиў, бар болған мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў, мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм өз-ара байланысларды беккемлеў бойынша пикирлерин билдирди.
Ушырасыў жуўмағында Жоқарғы Кеңес Баслығы бирге ислесиўди еле де кеңейтиў бағдарында республика басшылары барқулла таяр екенлиги ҳәм ҳәр қандай усыныс қоллап-қуўатланатуғынлығын атап өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети