Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен тәлим-тәрбия системасында айрықша өрнек көрсеткен хызметкерлерден бир топарын сыйлықлаў ҳаққында
1947
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ ПӘРМАНЫ
Мәмлекетимизде билимлендириў системасын раўажландырыў, тараўда түпкиликли реформалар нәтийжесин арттырыў, илим-тәрбия процесслерине миллий ҳәм шет-ел тәжирийбелери, инновациялық педагогикалық ҳәм информациалық-коммуникация технологияларын кең енгизиў жумысларына қосқан мүнәсип үлеси, оқыўшы ҳәм студент жасларға илим-пән тийкарлары, заманагөй кәсип-өнерлерди үйретиў, олардың интеллектуаллық потенциалын көтериў, Жаңа Өзбекстан қурыўшылары болған жетик ҳәм бәркамал әўладты қәлиплестириў жолындағы үлкен хызметлери, перзентлеримизди Ўатанды сүйиўшилик, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўдағы ибратлы хызметлери ҳәм де жәмийетлик турмыстағы белсендилиги ушын төмендегилер сыйлықлансын:Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
«Дўстлик» ордени менен:
Абипова Замира Максетбаевна - Нөкис қаласындағы 33-улыўма орта билим бериў мектебиниң биология пәни муғаллими Камалов Амангелди Базарбаевич - Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының физика оқытыў методикасы кафедрасы баслығы2-дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени менен:
Тажимова Мухаббат Абдукадировна - Беруний районындағы 7-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң директоры Тлеуова Дилбар Абдурахмановна - Мойнақ районы қәнигелестирилген улыўма орта билим билим бериў мектебиниң математика пәни муғаллими«Соғлом турмуш» медалы менен:
Гаржиев Илмурат Халмухамметович - Төрткүл районы 38-улыўма орта билим бериў мектеби дене-тәрбия пәни муғаллими«Шуҳрат» медалы менен:
Абдрасулиева Арзайим Сабирбаевна - Қанлыкөл районы 18-қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектеби химия пәни муғаллими Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев