Өзбекстан Президентиниң Россия Федерациясына сапары басланды
Өзбекстан Президентиниң Россия Федерациясына сапары басланды
1728
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясында рәсмий сапар менен болып тур.
Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Қазан қаласына келди.
Абдулла Тоқай атындағы халықаралық аэропортта мәмлекетимиз басшысын Россия Ҳүкимети Баслығының орынбасары – санаат ҳәм саўда министри Денис Мантуров ҳәм Татарстан Баслығы Рустам Минниханов күтип алды.
Россия Федерациясына рәсмий сапар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазан қаласындағы «Казань Экспо» орайында ашылған Татарстан санаат потенциалы көргизбесине барды.
Мәмлекетимиз басшысы менен биргеликте Россия Ҳүкимети Баслығының орынбасары – санаат ҳәм саўда министри Денис Мантуров ҳәм Татарстан Баслығы Рустам Минниханов барды.
4-октябрь күни бул жерде үшинши Өзбекстан – Россия аймақлараралық бирге ислесиў форумы болып өтти. Президентимизге бул илаж жуўмақлары ҳаққында толық мәлимлеме берилди.
Мәмлекетимиз басшысы Татарстанның жетекши кәрханалары санаат өнимлери ҳәм технологиялары менен танысты.
Көргизбе шеңберинде Россия Ҳүкимети Баслығының орынбасары – санаат ҳәм саўда министри Денис Мантуров пенен ушырасыў болып өтти. Гезектеги Өзбекстан ҳәм Россия аймақлары форумында ерисилген келисимлерди, бәринен бурын, санаат кооперациясы жойбарларын әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Сапар даўамында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Қазан Кремли» тарийхый-архитектуралық ҳәм көркем музей-қорықханасында болды.
Мәмлекетимиз басшысына Татарстан Баслығы Рустам Минниханов шерик болды.
Қазандағы Кремль ЮНЕСКОның Пүткил жер жүзилик мийрасы дизимине киргизилген. Ол Қазанның ең әййемги бөлеги болып, қаланың көп әсирлик тарийхын өзинде жәмлеген архитектуралық, тарийхый ҳәм археологиялық естеликлерден ибарат.
Бул жерде Өзбекстан Президенти «Қул Шариф» мешитин кирип көрди. Татарстан мусылманлары диний басқармасының баслығы, муфтий Камиль Самигуллин жоқары мәртебели мийманға мешит тарийхы ҳаққында толық айтып берди. Пәтия етилди.
Мешит 1996-2005-жыллары Қазан ханлығы аймағында XVI әсирдиң екинши ярымына шекем болған мешит орнында қурылған ҳәм Имом Қул Шариф аты менен аталған.
Мәмлекетимиз басшысы Қазан ҳәм Татарстан митрополиги Кирилл менен биргеликте Благовешенек соборын да көзден өткерди. Қазан Кремли аймағындағы естеликлердиң ең әййемгиси болған бул имарат XVI әсирде қурылған. Псков архитектуралық дәстүрлериниң айқын үлгиси болып есапланады.
Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясына рәсмий сапар шеңберинде Татарстан Республикасы Баслығы Рустам Минниханов пенен ушырасыў өткерди.
Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы кейинги жыллары өз-ара биргеликте жоқары нәтийжелерге ерисилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Саўда ҳәм инвестициялар көлеми артып бармақта. Ташкент ўәлаятында «Шыршық» химия-индустриал технопарки табыслы жумыс алып бармақта, Жиззақ ўәлаятында технопарк қурылысы даўам етпекте.
Химия тармағы ҳәм машина қурылысында ири кооперациялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Жиззақ қаласында Қазан федерал университетиниң филиалы ислемекте.
Қазан қаласында өткен үшинши Өзбекстан – Россия аймақлараралық бирге ислесиў форумының жуўмақлары, соның ишинде, Өзбекстан аймақларында Россияның «Алабуға» ҳәм «Мастер» технопарклери менен жаңа санаат парклерин шөлкемлестириў бойынша ерисилген келисимлер атап өтилди.
Металларды қайта ислеў, мәлимлеме-комунникация, турақ жай коммуналлық тараўларда перспективалы жойбарларды әмелге асырыў, билимлендириў, туризм ҳәм жасларға байланыслы сиясатта бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
Ушырасыў жуўмағында әҳмийетли бағдарлар бойынша әмелий шериклик жойбарларын биргеликтеги «жол карта»лары тийкарында әмелге асырыўға келисип алынды.
Рәсмий сапар менен Россия Федерациясында болып турған Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазаннан Москваға келди.
Россия пайтахтының «Внуково-2» аэропортында мәмлекетимиз басшысын Россия Федерациясы Ҳүкимети Баслығының орынбасары – санаат ҳәм саўда министри Денис Мантуров ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.
Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине Өзбекстан ҳәм Россия мәмлекетлик байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты. Салтанатлы күтип алыў мәресими болды.
Сапар бағдарламасына муўапық, 6-октябрь күни еки мәмлекет жетекшилери тар ҳәм кеңейтилген қурамда сөйлесиў өткереди. Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери додаланады.
Сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникациялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда ҳәр тәреплеме бирге ислесиўдиң жағдайы ҳәм перспективаларын көрип шығыў режелестирилген. Регионаллық ҳәм халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысылады.
Өзбекстан Президенти Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң Баслығы Михаил Мишустин менен де сөйлесиў өткереди.