Россия Федерациясынан Қазақстан арқалы Өзбекстанға газ жеткерилип берилиўине старт берилди
1686
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясына болған сапарында еки мәмлекет басшылары қатнасыўындағы ҒХҚ ўәкиллери ушын берилген баянатында Россия Федерациясынан Қазақстан арқалы Өзбекстанға газ жеткерип берилиўи бойынша атап өтилген еди.
Мәмлекетлер арасында қол қойылған шәртнама тийкарында Россия Федерациясынан Қазақстан арқалы Өзбекстанға жылына 2,8 миллиард куб метр газ жеткерилип берилиўи режелестирилген.
Россия Федерациясынан газ жеткерилип берилиўи тек ғана мәмлекетимизде емес, орайлық Азияда энергетикалық турақлылықты тәмийинлеўде әҳмийетли есапланады.
Бүгин "Қарақалпақстан посёлка пуқаралар жыйыны-Атыраў қаласы-Санк-Петербург-Москва қалаларында" телекөпир арқалы Россиядан Өзбекстанға газди импорт етиўге старт берилди.
Бул әҳмийетли илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым Жомарт Тоқаев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин шығып сөйледи.
Қоңырат районындағы Қарақалпақстан посёлка пуқаралар жыйынынан 15 км қашықлықта жайласқан газ өлшеў станциясынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети