Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, сәне мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Айтып өтиў орынлы, бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мəселеси мəмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан бирине айланған. Өткен жыллар даўамында ҳаял-қызлардың турмысында оғада әҳмийетли болған өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз берди.
Ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей итибары ҳəм ғамхорлығы менен елимиз ҳаял-қызларын қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди, ҳаял-қызларға исбилерменлик бағдары бойынша көплеген жеңилликлер берилди, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм басқа-да тараўлардағы ҳаял-қызларымыз материаллық ҳəм руўхый жақтан қоллап-қуўатланып келинбекте.
Өткен еки жыл даўамында “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген 82 мыңнан аслам ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў ушын 158,6 млрд. сум қаржы ажыратылды. Быйылғы жылдың өзинде “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген 46 мыңнан аслам ҳаял-қызлардың машқалалары өзиниң унамлы шешимин тапты. Сондай-ақ, 43 мыңға шамалас ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди, 4 мың 825 ҳаял-қыз кәсип-өнерге оқытылды, исбилерменлик пенен шуғылланыўшы 21 мың 750 хаял-қызға 367 млрд. сумлық кредитлер ажыратылды ҳəмде бундай қоллап-қуўатлаўлар еле даўам етпекте.
Өткерилген илаж даўамында бир қатар ҳаял-қызлар Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгилери ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети