Жоқарғы Кеңес Баслығының республикамыздың қубла районларындағы исбилерменлер ушын көшпели қабыллаўы болып өтти
Жоқарғы Кеңес Баслығының республикамыздың қубла районларындағы исбилерменлер ушын көшпели қабыллаўы болып өтти
1475
Бүгин Беруний районы ҳәкимлигинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Аманбай Орынбаевтың республикамыздың қубла районларындағы (Әмиўдәрья, Елликқала, Беруний, Төрткүл) исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалары ҳәм усыныслары бойынша көшпели қабыллаўы болып өтти.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен исбилерменди қоллап-қуўатлаў ҳәм Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў бойынша айрықша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар, соның ишинде, усы жылдың 8-август күни “Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға тийисли қосымша илажлар ҳаққында”ғы 129-санлы тарийхый пәрман қабыл етилгенлигин, буннан тысқары, мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 31-августтағы 213-санлы пәрманы менен бир қатар жеңилликлер ҳәм мүмкиншиликлер жаратылғанлығын айрықша атап өтти.
Буннан соң исбилерменлердиң мүрәжатлары тыңланып, орнында шешим табыў илажлары көрилди.
Қабыллаўда исбилерменлер тәрепинен тийкарынан өз исбилерменлигин раўажландырыў бағдарында ушырасып атырған машқалалар, қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыў мәселелери, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, жер орынларын ажыратыў, бюрократиялық тосықлар, ислеп шығарыў, өндиристи кеңейтиў бағдарында мүрәжатлар билдирилип, Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен барлық машқалалар тыңланды.
Айтып өтиў орынлы, бүгинги күнде елимизде исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, бизнести раўажландырыўды тәмийинлеў бағдарында көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасы ушын қаратылып атырған айрықша итибары тийкарында қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын бир қатар жеңилликлер жаратылған болып, бул бағдарда да көплеген жумыслар жолға қойылмақта.
Өткерилген қабыллаў мине усы ийгиликли жумыслардың даўамы болып, барлық илажлар исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың машқалаларын шешиўге қаратылған.
Билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Буннан тысқары, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети