Жоқарғы Кеңес Баслығы бир қатар сырт мәмлекетлердиң ўәкиллери менен туризм бойынша сөйлесиўлер алып барды
Жоқарғы Кеңес Баслығы бир қатар сырт мәмлекетлердиң ўәкиллери менен туризм бойынша сөйлесиўлер алып барды
829
Самарқанд ўәлаятында Дүнья жүзилик туризм шөлкеми Бас Ассамблеясының 25-сессиясы болып өтпекте. Бул өз гезегинде мәмлекетимиздеги ашықлық ҳәм еркинлик, үлкен туризм потенциалының атап өтилиўи десек алжаспаған боламыз. Сессия шеңберинде Самарқандтағы «Уллы жипек жолы» халықаралық туризм орайында Өзбекстанның туризм потенциалы көргизбеси ҳәм Глобал инвестиция форумы да шөлкемлестирилген.
Инвестиция форумында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында туризм ҳәм мәденият хызметкерлери ҳәмде исбилерменлер топары қатнасып, Қарақалпақстанның туризм потенциалын форум қатнасыўшылары нәзерине усынды. Айтып өтиў орынлы, Глобал туристлик шөлкеминиң 140 тан артық мәмлекет ўәкиллери 20-октябрьге шекем даўам ететуғын илажларда қатнасып атыр.
Форум шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Туркия, Қазақстан, Қырғызстан, Испания, Италия, Германия, Қытай, Япония, Сингапур, Чили мәмлекетлери ўәкиллери ҳәмде инвесторлар менен сөйлесиўлер алып барып, туризм тараўында жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, Қарақалпақстанның туризм потенциалын көрсетиў, сырт ел туристлерин елимизге кеңнен тартыў бойынша перспективалы жойбарларды көрип шықты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети