ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСТЕГИ ҚАБЫЛЛАЎ
2478
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Ерниязов 27-февраль күни Израиль мәмлекетиниң Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Эдуард Шапираны қабыл етти.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Ерниязов мийманды республикамызға сапары менен қутлықлап, Өзбекстан ҳәм Израиль мәмлекетлери арасындағы саўда-экономикалық, инвестициялық, аўыл хожалығы ҳәм басқа тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жойбарлар өзиниң унамлы нәтийжелерин берип атырғанлығын атап өтти.
Өз гезегинде мийман жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын өз миннетдаршылығын билдирип, Қарақалпақстанда аўыл хожалығы, киши бизнес ҳәм исбилерменлик, туризм тараўларын жәнеде раўажландырыў, Аралбойындағы экологиялық машқалаларды шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға жоқары баҳа берди ҳәм келешекте бул бағдарларда бирге ислесиўди жәнеде раўажландырыў режелестирип атырғанын, Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2020-жыл «Илим-мәрифат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» деп жәрияланғаны реформалардың жәнеде тез пәт пенен әмелге асырылыўында, мәмлекетлеримиздиң бул бағдардағы қарым-қатнасларының беккемлениўинде әҳмийетли роль ойнайтуғынын айтып өтти.
Қабыллаўда келешекте бирге ислесиўди буннан былай раўажландырыў бойынша өз-ара пикир алмасыўлар болды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баспасөз хызмети