Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қубла Корея мәмлекетинен келген делегацияны қабыллады
1181
Бүгин Қубла Кореяның «Инсанлар» фонды ўәкили Чон Ю Сеок, Корея иммиграция бойынша админстративлик суды корпорациясы ўәкили Ким До Гюн, «Ewha Industrial Power» компаниясы ўәкили Ли Нам ҳәм басқа да бир қатар ўәкиллер Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың қабыллаўында болды.
Онда Қубла Корея мәмлекети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасындағы халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери қарап шығылып, қарақалпақстанлы пуқараларды Корея мәмлекетинде жумыс пенен тәмийинлеў, ислеп шығарыў, өндирис бағдарларында маманлығын арттырыўы ушын мүмкиншилик жаратыў, тил үйрениўине көмеклесиў сыяқлы бир қатар әҳмийетли бағдарларда сөз етилди.
Айтып өтиў орынлы, бүгинги тез пәт пенен раўажланып баратырған дәўирде жоқары тәжирийбеге ийе маман кадрларды таярлаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў сыяқлы мәселелер бүгинги күнниң тийкарғы талапларының бирине айланып бармақта.
Бүгинги өткерилген ушырасыўда да усы бағдарда бирге ислесиўди кеңейтиў, республикамыз аймағында тил үйрениў курсларын шөлкемлестириў, жергиликли пуқаралардың Корея мәмлекетинде санаат, өндирис ҳәм ислеп шығарыў тараўларында жумыс үйрениўине шараят жаратыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаў бағдарында республикамыздағы «Моно орай»лардың имканиятларынан пайдаланыў сыяқлы мәселелер атап өтилди.
Делегация ағзалары жыллы жүз бенен қутип алғаны ушын өз миннетдаршылығын билдирди.
Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы республика басшылары бирге ислесиўге барқулла таяр екенлиги, ҳәр қандай жаңа баслама қоллап-қуўатланатуғынлығын атап өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети