Соӊғы жыллары ҳүрметли Президентимиз тәрепинен мәмлекетимизде жасыл аймақларды кеңейтиў ҳәмде экологиялық жағдайды жақсылаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде қала ҳәм районларда ҳәр түрли декоратив ҳәм мийўели терек нәллери егилиўи даўам еттирилип атыр. Усы тийкарда быйылғы жыл бәҳәр айларында қала ҳәм районларымыз аймағында жәми 9 миллионға жақын терек нәллериниң егилиўи тәмийинленди.
Айтып өтиў орынлы, усы жылдың 11-октябрь күни ҳүрметли Президентимиз тәрепинен кеӊейтилген тәризде өткерилген видеоселектор мәжилисинде быйылғы жылы гүз мәўсиминде 25-октябрь ҳәм 1-декабрь сәнеси аралығында “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеӊберинде республикамыз бойынша 85 миллион түп терек ҳәм пута нәллерин егиў тапсырмасы белгилеп берилген еди.
Усы тапсырма тийкарында бүгин Нөкис қаласы аймағындағы “Теле орай” мәҳәллесинде үлкен көлемде “Жасыл мәкан” акциясы өткерилди. Онда елимиз абаданлығына үлес қосыўды нийет еткен жаслар, нураныйлар ҳәм ҳаял-қызлар қатнасып, жақсы нийет пенен терек нәллерин отырғызды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм елимиздиң абаданлығын, қоршаған орталықтың тазалығын тәмийинлеў ҳәм жасыл аймақлардың пайда етилиўинде пүткил халқымыз бенен бирге ат салысыўымыз керек екенлигин атап өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети