Қарақалпақстанда самал электр станцияларын қурыў ҳәм генераторларын ислеп шығарыў бойынша келисип алынды
Қарақалпақстанда самал электр станцияларын қурыў ҳәм генераторларын ислеп шығарыў бойынша келисип алынды
1109
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев самал электр станцияларын қурыў ҳәм генераторларын ислеп шығарыў менен шуғылланыўшы «Goldwind» компаниясының бизнести раўажландырыў бойынша атқарыўшы директоры Лиу Хиожиа, компанияның бизнести раўажландырыў бойынша бас менеджери Юан Бо ҳәм басқа да ўәкиллер менен ушырасты.
Ушырасыўда «Goldwind» компаниясы тәрепинен республикамыз аймағында самал электр станцияларын ҳәм генераторларын қурыў, бул бағдарда бар болған мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў, генераторлар қурылысы ушын алып келинетуғын өнимлер, ири көлемдеги конструкциялар ислеп шығарылыўын локализацияластырыў арқалы жаңа станциялар қурылысы санын арттырыў, энергия ислеп шығарыўды кеңейтиў, ең баслысы, жаңа жумыс орынларын жаратыў мәселелери сөз етилди.
Компания ўәкиллери бул әмелге асырылыўы режелестирилип атырған жумыслар бойынша өзлериниң жойбарлары менен бөлисти.
Онда сондай-ақ, самал электр станциясын қурыў ҳәм алдағы ўақытта бул тараўды раўажландырыў бойынша әмелге асырылыўы тийис жумыслар, бирге ислесиўди еле де беккемлеў ҳәм кеңейтиў илажлары, жергиликли пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери ҳаққында кең түрде пикирлесилди.
Айтып өтиў орынлы, бүгинги күнде республикамыз аймағында самал электр станцияларын қурыў бойынша жумыслар баслап жиберилген болып, ҳәзирги ўақытта әмелий илажлар даўам еттирилмекте.
Ушырасыў соңында еки тәреплеме бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм бул бағдардағы илажларды кеңейтиў бойынша келисип алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети