Жоқарғы Кеңес Баслығы жаңа жойбарлар иске түсирилиўи бойынша исбилерменлер менен ушырасты
Жоқарғы Кеңес Баслығы жаңа жойбарлар иске түсирилиўи бойынша исбилерменлер менен ушырасты
1221
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бизнести қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў бойынша исбилерменлер менен ушырасты.
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиз тәрепинен усы жылдың 8-август күни исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў бойынша 129-санлы тарийхый пәрман қабыл етилгенлигин, буннан тысқары, мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 31-августтағы 213-санлы пәрманы менен бир қатар жеңилликлер ҳәм мүмкиншиликлер жаратылғанлығын айрықша атап өтти.
Айтып өтиў орынлы, Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Президент пәрманы тийкарында жаратылған имканиятлардан кең түрде пайдаланыў, инвестициялық жаңа жойбарларды иске түсириў, ислеп шығарыў, санаат ҳәм басқа да бағдарлардағы жойбарлардың турмысқа енгизилиўин тәмийинлеў бойынша өткерилген ушырасыўда бир қатар республика көлеминдеги басшылар, банк баслықлары, қала ҳәм район ҳәкимлериниң инвестиция ҳәм сыртқы саўда бойынша орынбасарлары тәрепинен жаңа жойбарларды иске түсириў бағдарында ўазыйпалар белгиленген еди.
Бүгинги өткерилген ушырасыўда, усы тийкарда усынылған жойбарлардың иске түсирилиўи ҳәм бул бағдарда ушырасып атырған машқалалар әтирапында сөз барды.
Өткерилген ушырасыўда исбилерменлер тәрепинен бир қатар мәселелер көтерилди.
Өз нәўбетинде, исбилерменлер тәрепинен көтерилген мәселелер Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды ҳәм ҳәр бир жаңа жумыс орынларын жаратыў нийети бар исбилермен қоллап-қуўатланатуғынлығы атап өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети