“New Uzbekistan” халықаралық жарысының ашылыў салтанаты болып өтти
“New Uzbekistan” халықаралық жарысының ашылыў салтанаты болып өтти
1469
Усы жылдың 17-19-октябрь күнлери пайтахтымыз Нөкис қаласында спорттың грек-рим, еркин гүрес ҳәм ҳаяллар гүреси түрлеринен биринши мәрте “New Uzbekistan” халықаралық жарысы өткерилиўи белгиленген болып, дәслепки беллесиўлерге старт берилген еди. Спорт жарысларында Беларусь, Қазақстан, Тәжикстан ҳәм Өзбекстанның барлық аймақларынан 200 ден аслам спортшылар қатнасып, өз-ара беллеседи.
Бүгин Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде “New Uzbekistan” халықаралық жарысының ашылыў мәресими болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшыларды халықаралық жарыс ашылыўы мүнәсибети менен қутлықлады ҳәм әўмет тиледи. Буннан соң күн даўамында өткерилиўи белгиленген спорт жарыслары баслап жиберилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети