Пуқараларымыздың тыныш-татыў турмысын тәмийинлеў, жынаятшылыққа ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў сыяқлы әдиўли ўазыйпаларды атқарыўда Ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң орны айрықша. Соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарарлары тийкарында ишки ислер уйымларының материаллық-техникалық базасы беккемленип атыр.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы жанында қосымша имарат қурылысының ирге тасы қойылды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты. Айтып өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 26-апрельдеги 222-санлы қарары менен «Халықлар дослығы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 40 млрд 300 млн сум қаржы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы жанында қосымша имарат қурылыўы белгиленген.
Бул админстративлик имарат қурып питкерилиўи менен онда Ишки ислер тараўындағы бир қатар мәкемелердиң жайластырылыўы режелестирилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети